Мәҳәллелерде қәўипсиз орталықты жаратыўға қаратылған жумыслар даўам етпекте

«2025-жылы республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин және де арттырыў бойынша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша Әмиўдәрья районы ҳәкимлиги имаратында Қарақалпақстан Республикасы ИИМ орынбасары, подполковник М.Рахматуллаевтиң басшылығында жумысшы штаб мәжилиси болып өтти, – деп мәлимлеме береди Әмиўдәрья районы мәлимлеме хызмети бөлими.
Мәҳәллелерде қәўипсиз орталық жаратыўдың шөлкемлестириў-профилактикалық тийкарларын заман талапларына бейимлестириў, әмелге асырылған нызамбузылыўлардың тийкарғы факторларын өз ўақтында анықлаў ҳәм комплексли илажлар менен мәнзилли сапластырыў арқалы жынаятшылықтың ерте алдын алыў бүгинги күндеги ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири, – деп атап өтти М.Рахматуллаев қарардың мазмун-мәнисин түсиндире отырып.
Қарардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм район мәҳәллелеринде криминоген жағдайды турақластырыў, ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин арттырыў бойынша усы жылдың 1-шерегине мөлшерленген мәнзилли илажлар «Жол картасы»ның орынланыўы бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилди.


Кемшиликлерди сапластырыў бойынша тийисли көрсетпе ҳәм усыныслар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги