Социаллық хызмет көрсетиўдиң сапасы арттырылмақта

Аймақларда халықтың социаллық машқалаларын ўақтында анықлаў ҳәм оларға әмелий жәрдем бериўдиң сапасын арттырыў мақсетинде «Инсан» социаллық хызметлер орайлары шөлкемлестирилип, өз жумысын баслаған еди.
Беруний районында шөлкемлестирилген «Инсан» социаллық хызметлер орайы да халыққа хызмет көрсетип келмекте.
Орайға пуқаралар тәрепинен келип атырған мүрәжатлер талланып, бул бағдарда үгит-нәсият илажларын әмелге асырыў белгилеп алынды.
Өткерилген илаждың мақсети, усы мүрәжатлер бойынша, яғный социаллық напақалар, санаторияларға жоллама алыў, «Сақаўат ҳәм жәрдем» қорының қаржыларынан жәрдем көрсетиў, орай психологлары тәрепинен психологиялық хызметлер, майыплығы болған шахсларды реабилитациялаўдың техникалық буйымлар менен тәмийинлеў сыяқлы бағдарларда пуқаралардың ҳуқықый саўатлылығын арттырыўдан ибарат, деп мағлыўмат береди Беруний районы мәлимлеме хызмети бөлими баслығы А.Уразова.
Қәнигелер тәрепинен жоқарыдағы бағдарлар бойынша кең түсиниклер берилди ҳәм арнаўлы таярланған видеоролик қатнасыўшыларға қойып берилди.


Илаж жуўмағында белсене қатнасқан пуқаралар шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги