Орайдың ўазыйпалары кеңеймекте

Қарар ҳәм оның орынланыўы
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Исбилерменлик субъектлерин өз қәлеўи бойынша сапластырыў ҳәм олардың жумысларын тоқтатыў тәртиби ҳәм қаржы-хожалық жумысларын әмелге асырмай атырған исбилерменлик субъектлерин мәмлекет реестринен шығарыў тәртиби ҳаққында»ғы қағыйдаларды тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарында көрсетилген ўазыйпаларды әмелге асырыў белгиленген министрликлер ҳәм мәкемелер арасында Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў орайлары да бар.
– Исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик дизиминен өткериў ҳәм есапқа қойыўдың автоматластырылған системасы исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик дизиминен өткериўди, соның менен бирге, дизимнен өткериўши уйым ҳәм ўәкиллиги бар уйымлардың байланыс каналлары арқалы электрон мәлимлеме алмасыўын тәмийинлеў системасы есапланады,-дейди Нөкис қалалық Әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайының бас қәнигеси М.Туракбаев.
Нөкис қалалық Әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайында да мәмлекетлик хызметлерге болған талап артып бармақта. Орайда күнделикли турмыста зәрүр болған хызметлерден артықша әўерегершиликсиз, турақлы жасаў орны қай жерде болыўына қарамастан пуқараларымыз экстерриториал принципинде пайдаланбақта.
Физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге нәтийжели, профессионал ҳәм сапалы хызметлер көрсетиў тийкарғы ўазыйпамыз етип белгиленгенлигин атап өтиў керек. Көрсетилип атырған хызметлерге итибар қарататуғын болсақ, быйылғы жылдың басынан Нөкис қаласы әдиллик бөлими мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге 26409 мәмлекетлик хызметлер көрсетилди. Бүгинги күнде тек орай арқалы ғана емес, ал орайдан алыста жайласқан орынларға шыққан ҳалда да көшпели мәмлекетлик хызметлер көрсетилип келинбекте. Орайға келиў имканияты болмаған пуқараларымызға көшпели тәртипте 497 мәмлекетлик хызметлер көрсетилди.
Ҳәзирги ўақытта усы қарарда көрсетилген Мәмлекетлик хызметлерге белгиленген ўазыйпаларға муўапық илажлар әмелге асырылмақта.


Атап айтқанда, Нөкис қаласындағы Қутлы қоныс МПЖ аймағында жайласқан «IBRAGIMOFF CO» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин жумыс көлеминиң болмаўы себепли ықтыярый түрде сапаластырыў бойынша қарар шығарылып, сапластырыў мүддети 6 ай етип белгиленип тийисли жумыслар әмелге асырылмақта. Тийисли қарарға муўапық, кәрхананы сапластырыўға байланыслы болған мүрәжатлерди қабыл етиў орны ҳәм мүддети белгиленип, нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте кәрхана хызметкерлери менен мийнетке байланыслы ҳуқықый қатнасықларды тоқтатыў илажларының көрилиўи, кәрхананың дебиторлық қарызларын алыў, кредиторларды анықлаў ҳәм коммерциялық шөлкемниң сапластырылыўы ҳаққында жазба түрде хабардар етиў илажларын көриў тапсырылды. Сапластырыў балансын тастыйықлаў ҳәм салық хызмети уйымына тапсырыў және басқа да тийисли илажлар белгиленди,
Нөкис қалалық Әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги