Кадастр ҳәм қурылыс бөлимлери ўәкиллери менен семинар шөлкемлестирилди

352

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының 2024-жыл 3-декабрь күнги тапсырма хатына муўапық, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды басшылығында район ҳәм қала ҳәкимлери менен биргеликте аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша мәселелер бойынша усы жылдың 15 ҳәм 17-январь күнлери ашық сәўбетлесиў өткерилди.

Усы тапсырманың орынланыўын даўам еттирген ҳалда Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының тапсырма хатына тийкарланып орынлардағы район ҳәм қалалық кадастр ҳәм қурылыс бөлими ўәкиллери менен биргеликте бүгинги күнде әҳмийетли болған өзбасымшалық пенен қурылған қурылыслар ҳәм мәмлекет ҳәм жәмийет мүтәжликлери ушын жер участкаларының алып қойылыўы мүнәсибети менен пуқараларға ҳәм юридикалық  тәреплерге жеткерилген зыянларды қаплаў, жер участкасынан пайдаланыў ҳуқықына байланыслы мәселелер бойынша семинар мәжилисин өткериў белгиленген.

Сол тийкарда Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги ҳәм оның район (қала)лық бөлимлери, Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм оның район (қала)лық бөлимлери ўәкиллери менен биргеликте семинар мәжилиси шөлкемлестирилди.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының судьясы Р.Худайберганова 2024-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлары тәрепинен қурылыс бөлимлериниң ҳәкимшилик ҳүжжетин ҳақыйқый емес, олардың лаўазымлы шахсларының ҳәрекетлерин (ҳәрекетсизлигин) нызамға муўапық емес деп табыў ҳаққындағы ислер бойынша мәпдар шахслар арзаларының қанаатландырылыўына тийкар болған жағдайлар ҳаққында айтып өтти.

Соның менен бирге, қурылыс бөлимлери тәрепинен жол қойылған қәте-кемшиликлер ҳәм әмелиятта ушырасып атырған машқалалар ҳаққындағы мәселелер додаланды.

Сондай-ақ, семинарда күн тәртибиндеги кейинги мәселе-Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм оның аймақлық бөлимлери тәрепинен мәмлекетлик дизимнен өткериўден бас тартыў ҳәм белгиленген мүддетинде дизимнен өткериўден бас тартыў ҳаққындағы ислер бойынша жүзеге келип атырған машқалалар ҳәм олардың шешимлери ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының судьясы Г.Байназарованың баянаты тыңланды.

Семинар мәжилиси даўамында Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2023-жыл 20-ноябрь күнги «Судларда жерге байланыслы тартысларды көриўде нызамшылық ҳүжжетлери нормаларын қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 28-санлы қарарының мазмун-мәниси ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы З.Бабаджанованың ҳәмде район (қала) ҳәкимликлериниң жер участкаларын ижараға бериў шәртнамаларын бийкарлаў ҳәм жер участкаларын алып қойыў ҳаққындағы даўалары бойынша ислердиң экономикалық судлар тәрепинен көрип шығылыўы менен байланыслы суд әмелияты бойынша Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы У.Сабировтың баянатлары тыңланды.






Семинар даўамында район (қала)лық кадастр ҳәм қурылыс бөлимлери ўәкиллериниң өзлерин қызықтырған сораўларына судьялар тәрепинен жуўаплар берилди. Келешекте бундай түрдеги семинар мәжилислерин турақлы түрде өткерип, жүзеге келип атырған машқалалар туўралы әмелдеги нызамшылыққа усыныслар киргизиў бойынша келисип алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги