Дәўир талабына сай жумыслар әмелге асырылмақта

328

Әжинияз атындағы Нөкис мəмлекет педагогикалық институтында ҳәзирги ўақытта 11 факультет ықтыярындағы 32 кафедрада 561 профессор-оқытыўшылар жумыс ислемекте.

Соннан, 30 ы илим докторы ҳəм профессорлар, 94 и илим кандидатлары ҳəм доцентлер ҳəм 109 ы философия докторлары (PhD) есапланып, илимий потенциал 41,5 процентин қурайды. 2024-жыл даўамында 7 илим докторы (DSc) ҳəм 28 философия докторы (PhD) қорғалған. Соның менен бирге, институт докторантурасында 177  таяныш докторантлар ҳəм 3 докторант оқымақта. Институттың таяныш докторантурасына 2025-жыл ушын мəмлекетлик бюджет есабынан 15 қəнигелик бойынша 84 талабан қабыл етилген.

Биз институттың Илимий жумыслар ҳəм инновациялар бойынша проректоры Р.Ешмуратов пенен сәўбетлесип, илимий бағдарда исленип атырған жумыслар туўралы қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.

 

  • Сәўбетлесиўимизди институттағы илимий жумыслар ҳəм инновациялар бойынша өткен жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳәм нәтийжелер менен басласақ.

– Өткен жылы институтымызда илимий жумысларға тийисли мəмлекетлик  программалар шеңберинде мəмлекет буйыртпасы тийкарында «Аралдың қурыған жерлеринде тəбийғый шараятқа ҳəм интродукцияланған Cynoglossum viridiflorum Pall.ex.Lehm. va Malacocarpus crithmifolius (Retz.) C.A.Meyning агротехнологиясын ислеп шығыў»  агротехнологиясын ислеп шығыў» темасында 963, 281 миллион сумлық ҳəм «Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде 3-7 жастағы балалар ушын қарақалпақ халық ертеклери ҳəм балалар қосықлары тийкарында мультимедиалы технологиялар жаратыў ҳəм пайдаланыў (Қарақалпақстан Республикасы МШБШ мысалында)» темасындағы 355, 562 миллион сумлық илимий жойбарлар орынланды. Соның менен бирге, тараўлардың буйыртпалары тийкарында кəрхана ҳəм шөлкемлерде өткерилген илимий-изертлеўлер нəтийжесинде 13 миллион сумлық 15 хожалық шəртнамалары əмелге асырылды.

2024-жыл даўамында институттың педагог-хызметкерлери тəрепинен 26 монография, 510 илимий мақала (соннан республикада 250, сырт елде 250), 2015 тезис (соннан 1040ы халықаралық, 975 си республикалық ҳəм ЖБМ (жоқары билимлендириў мәкемелери) көлеминдеги конференцияларда) баспадан шығарылды ҳəм 10 авторлық гүўалық (DGU) алынды.

  • Халықаралық жойбарларға қатнасыўдың әҳмийети артып бармақта. Институтқа инвестиция тартыў жумыслары қалай шөлкемлестирилмекте?

– Институтқа сырт ел инвестицияларын тартыў ҳəм сырт ел шөлкемлери тəрепинен ажыратылатуғын грант қаржылары шеңберинде “Русский Мир” фондының есабынан 421323 рубль, GIZ – Германия халықаралық изертлеў фондынан 330000000 миллион сумлық грантлар, “Россотрудничество” шөлкеминен 1388 АҚШ доллары муғдарыдағы 201 сертификатланған көркем əдебиятқа байланыслы оқыў китаплары, Германия Федеративлик Республикасының Дрезден Техника университети менен биргеликте ERASMUS+ бағдарламасы бойынша “Европа Аўқамына ағза мəмлекетлер” грант кампаниясы шеңберинде ЖБМ студентлери ҳəм хызметкерлери ушын қысқа мүддетли стажировкадан 22 000 евро муғдарында қаржы ажыратылды.

Малайзияның Линкольн университети менен биргеликте Мектепке шекемги билимлендириў бағдары бойынша төлемли контракт тийкарында қоспа билимлендириў жолға қойылды ҳəм ҳəзирги ўақытта 203236850 сум институттың есабына келип түсти.

Дүньяның ТОП 1000 лығына кирген ЖБМ лар менен ҳəзирги күнде 60 шəртнама ҳəм меморандумлар бар. Шерик ЖБМлар менен кадрлар таярлаў жумысларын раўажландырыў мақсетинде билимлендириў процесине 29 сырт ел профессор-оқытыўшылары ҳəм қəнигелери тартылған. Соның менен бирге, институттың 16 студенти дүньяның абырайлы ТОП-1000 лығына кирген ЖБМларға академиялық мобильлик бағдарлама тийкарында 1-семестрлик оқыўға жиберилди. Соннан Казақстан Республикасы Л.Н.Гумилёв атындағы евроазия миллий университетине 11 ҳəм Словакия ЖБМ ға 5 студент жиберилди.

Сондай-ақ, өткен жыл даўамында институттан 53, атап айтқанда, Казақстан Республикасына 48, Россия Федерациясына 2, Финляндия мəмлекетине 1, Беларусь Республикасына 1, Корея Республикасына 1 профессор-оқытыўшы сырт елдеги ЖБМларда илмий тəжирийбе арттырып келди.

Институт Республикада жетекши ЖБМ лар менен бирге ислеседи. Атап айтқанда, Өзбекстан Илимлер академиясы Астрономия институты, Ташкент химия технология илимий-изертлеў институты, Тарийх институты, Зоология институты, Ботаника институты, Физика-қуяш илимий-өндирислик бирлеспеси Физика-техника институты, Өзбек тили, əдебияты ҳəм фольклоры институты, Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ тəбийғый пəнлер илимий-изертлеў институты ҳəм Қарақалпақ гуманитар пəнлер илимий-изертлеў институтлары менен шəртнамалар дүзилген.

 

  • Институттағы инталы жасларды илимий жумысларға тартыў, оларды ҳәр қыйлы таңлаўларға қатнастырып жәмийетлик белсендилигин арттырыў бағдарындағы жумысларға да тоқтап өтсеңиз.

– Институтта инталы жаслар тəжирийбели педагог-хызметкерлерге бириктирилиб, илимий-изертлеў жумысларын алып бармақта. Сондай-ақ, студентлер оқыў ҳəм илимий жумысларының нəтийжелери бойынша ҳəр қыйлы таңлаўларға да қатнасып келмекте. Илимге қуштар қəбилетли студентлер оқыў ҳəм илимий-дөретиўшилик жумысларының нəтийжелери бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти ҳəм Мəмлекетлик стипендиялары таңлаўында қатнасып келгенин атап өтиўимизге болады. Атап айтқанда, 2024-жылы Казақстан Республикасында өткерилген «Мениң қəнигелигим – педагог» темасында эссе жазыў бойынша IX Халықаралық таңлаўда Ж.Қудайбергенова 3-орынды, сол жылы 15-17-май күнлери Россия Федерациясының Кубань мəмлекетлик университетинде «Социальная педагогика и психология девиантного поведения» атамасындағы I Халықаралық илимий-дөретиўшилик таңлаўда «Социально-педагогический плакат, реклама» бағдары бойынша Х.Шарапатдинова 1-орынды, Г.Қәллибекова 2-орынды ҳəм  «Социально-педагогическое эссе» бағдары бойынша А.Қудайбергенова 2-орынды ийеледи. Биология бағдары студенти К.Қызылбаева «Жаслар коррупцияға қарсы» жойбары менен 3000 АҚШ доллары муғдарындағы грант жеңимпазы болды.

Институттың инталы жаслары ҳəм студентлери Өзбекстан Республикасы Президенти ҳəм Мəмлекетлик стипендиялары таңлаўында қатнасып, 16 сы стипендиялар таңлаўы жеңимпазлары болды. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президенти мəмлекетлик стипендиясына 2, Ислам Каримов атындағы мəмлекетлик стипендияға 1, Наўайы атындағы мəмлекетлик стипендияға 10, Ибрайым Юсупов атындағы мəмлекетлик стипендияға 1, Төлепберген Қайыпбергенов атындағы мəмлекетлик стипендияға 1,  Заҳриддин Муҳаммад Бобур стипендиясына 1, Пахлавон Маҳмуд стипендиясына 1, Әжинияз Қосыбай улы атындағы стипендияға 13 студент ылайық болды.

«TechnoWays» технологиялық раўажланыў марафонының республикалық басқышында институтымыздан 1 магистрант Ж.Уснатдинов “Микро суў отларын жетистириў ушын инновциялық фотобиореактор ислеп шығарыў” темасындағы инновциялық идеясы менен қатнасып, сыйлы 2-орынды ийеледи.

Бул бағдардағы жумыслар дәўир талабына сай даўам еттирилмекте.






Сәўбетлескен;

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги