Әҳмийетли мәселелер бойынша үгит-нәсият илажы өткерилди

266

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қурылыс ҳәм экономика факультетлеринде тәлим алып атырған студент-жаслар арасында «Кибержынаят, терроризм, диний экстремизм, ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың басқа да түрлерине қарсы гүресиў ҳәм нәшебентликтиң алдын алыў» атамасында профилактикалық үгит-нәсиятлаў илажы өткерилди.

Илажға факультеттиң профессор-оқытыўшылары, студентлер, тьюторлар ҳәм тийисли тараўдың жуўапкер ўәкиллери қатнасты.


Илажда Өзбекстан Республикасы Дин ислери бойынша Комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы бас қәнигеси Н.Жамалов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Терроризмге қарсы гүресиў басқармасы бөлим баслығы Н.Таджимуратов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жәмийетлик қәўипсизлик хызмети Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы баслығы орынбасары, подполковник  Р.Мадреймов ҳәм университет профилактика инспекторы, майор И.Ережепов жаслардың жәмийетлик тәртипти сақлаўы, жынаят көшесине кирип қалыўдан аўлақ болыўы, урлық ислеў, өз-ара жәнжеллесиў, зорлық ҳәм басым өткериў, жол ҳәрекети қәўипсизлиги қағыйдалары, спиртли ишимликлер ишиў, кеўил ашар орынларға барыў, коррупция, алдаўшылық, тонаўшылық, диний экстремизм, кибержынаятшылық,  ҳәр түрли нәшебентлик, психотроп затларды пайдаланыў, сатыў ҳәм сатып алыў сыяқлы жынаятлардың аўыр ақыбетлери, оларға қолланылатуғын нызам тийкарындағы илажлар ҳаққында кең түрде түсиниклерин берди.

Илажда студентлер баянатшылар тәрепинен айтылған мәселелер бойынша сораўлар берип, оларға жуўаплар алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги