Медицина ҳәм саламатландырыў мәкемелериниң Бирден-бир реестри жүргизиледи

Туризм комитети баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, быйылғы жылдың март айынан баслап медицина ҳәм саламатландырыў мәкемелериниң Бирден-бир реестри жүргизиледи. Бул реестрде мағлыўматлар мәмлекетлик ҳәм шет тиллерде қәлиплестирилип, турақлы түрде жаңаланып барылады ҳәм медициналық туризм бағдарында сапар ететуғын сырт ел туристлери, жергиликли халық ҳәм туристлик шөлкемлерге пайдаланыў мақсетинде усыныс етиледи.
Бирден-бир реестрдеги мағлыўматлар ашық болып, медицина бағдарында жумыс алып барып атырған мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм исбилерменлик субъектлери Туризм комитети ямаса Денсаўлықты сақлаў министрлигине мағлыўматларды усыныў арқалы Бирден-бир реестрге киреди.
Реестрге киргизилген медицина мәкемелери хызметлеринен туристлер пайдаланып, көрсетилген хызмет бойынша өз мүнәсибетлерин қалдырады ҳәм усылар тийкарында медицина шөлкемлериниң рейтинги қәлиплеседи. Бирден-бир реестрге киргизилген ҳәм рейтингте жоқары балл алған медицина ҳәм саламатландырыў мәкемелерине бир қатар қоллап-қуўатлаў енгизиледи.
Соның ишинде, рейтингте жоқары балл алған медицина ҳәм саламатландырыў мәкемелериниң хызметлери менен өнимлерин сырт мәмлекетлерде үгит-нәсиятлаў ушын баспа ҳәм видео өнимлерди таярлаў қәрежетлери Туризм комитети тәрепинен қаплап бериледи.
Бирден-бир реестр Туризм комитети ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий веб-бетлери ҳәм туристлик порталларға жайластырылып барылады.
Муҳайё Тошқороева, ӨзА