Басланғыш шөлкемлердиң есаплары тыңланбақта

318

«Худудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалында басланғыш кәсиплик аўкам комитетиниң гезектеги мәжилиси болып өтти.

Онда комитеттиң бес жыл даўамында әмелге асырған жумыслары бойынша есабаты тыңланды.

-Соңғы бес жыл ишинде «Худудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалы басланғыш кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен жәмәәт пенен беккем байланыс орнатыў, тараў қәнигелериниң саламатлығын ҳәм социаллық қорғалыўын тәмийинлеў ҳәм мәдений ағартыўшылық ғалабалық спорт жарыслары илажларын кеңейтиў бағдарларында унамлы нәтийжелерге ерисилди,-дейди филиал хызметкери Идирис Ержанов.

Есабатта атап өтилгениндей, усы өткен дәўир ишинде тараў хызметкерлеринен келип түскен мүрәжатлердиң ҳәммеси толық қанаатландырылған. Тараў хызметкерлериниң саламатлығын беккемлеў мақсетинде, санатория ҳәм дем алыў орынларына, сондай-ақ, олардың балаларын саўаландырыў дем алыў орайларына жибериў, жәрдемге мүтәж қәнигелердиң шаңарақларына материаллық жәрдем бериў илажлары әмелге асырылған.

Мәжилис даўамында кәсиплик аўқам комитетиниң алып барған  жумыслары баҳаланып, күн тәртибиндеги барлық мәселелер көрип шығылды ҳәм кәсиплик аўкам комитети баслығы лаўазымына Қуўатбай Қудайбергенов сайланды.




Сондай-ақ, мәжилисте алдағы ўақытларда филиалдың Басланғыш кәсиплик аўқам  комитетиниң есап бериў-сайлаў конференциясына қатнасыў ушын барлық қала ҳәм районлық газ тәмийнаты бөлимлеринен делегатлар сайланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги