Жәмәәтлик шәртнаманың орынланыўы ҳәм есап бериў-процесслери

243

Нөкис қаласындағы 2-санлы спорт мектебинде кәсиплик аўқамы комитетиниң мәжилиси болып өтти. Илажда жумыс бериўши ҳәм  кәсиплик аўқамы комитети арасында 2023-2025-жылларға дүзилген жәмәәтлик шәртнаманың 2024-жылдағы орынланыўы бойынша мектеп директоры ҳәм кәсиплик аўқамы комитети баслығының есабатлары тыңланды.

Буннан соң кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен 2020-жылдың февраль айынан 2025-жылдың февраль айы дәўиринде әмелге асырылған ислер бойынша кәсиплик аўқамы комитети баслығының есабатлары тыңланды.

Мәжилисте Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық кеңесиниң шөлкемлестириў ислери бөлиминиң меңгериўшиси Жамшид Арипов есабат сайлаў тәртиби ҳаққында ҳәм Өзбекстан кәсиплик аўқамлары ҳәрекетлериниң 120 жыллық байрамы алдынан өткерилиўи режелестирилген илажлар бойынша түсиниклер берди.

Мәжилис соңында     Нөкис қаласындағы 2-санлы спорт мектебинде кәсиплик аўқамы комитетиниң баслығы лаўазымына Қудияр Қуўанишбаевич Ержанов көпшилик даўыс пенен жаңадан сайланды.

Сондай-ақ, усы күни Нөкис қаласындағы 22-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде басланғыш кәсиплик аўқамы комитети шөлкемлери баслықларының қатнасыўында семинар шөлкемлестирилди.


Семинарда Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық кеңесиниң мийнетти қорғаў бөлиминиң меңгериўшиси Алижон Умаров мийнетти қорғаў бойынша, хызметкерлердиң медициналық тексериўден өтиў тәртиби  туўралы,  Республикалық кеңестиң шөлкемлестириў ислери бөлиминиң меңгериўшиси Жамшид Арипов есабат сайлаўларды өткериў ҳәм ҳүжжетлерди рәсмийлестириў бойынша түсиниклер берип, илаж қатнасыўшыларына әмелий жәрдемлер көрсетти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги