Зорлықтан жәбирлениў итималы жоқары шахсларды мәмлекет тәрепинен қорғаў кеңейтиледи

Мәмлекетимизде ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, жынаятшылықты жылаўлаў ҳәм ҳуқықбузарлықларды ислеў итималы жоқары болған шахслар менен профилактика илажларын күшейтиў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
«Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳаққында»ғы Өзбекстан Рспубликасы Нызамына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызам жойбары зорлықтан жәбирлениў итималы жоқары болған шахсларды мәмлекет тәрепинен қорғаўды тәмийинлеў әмелиятын кеңейтиўди нәзерде тутады.

Соның менен бирге, профилактикалық есапқа қойылатуғын шахслар әмелдеги 6 категориядан 3 категорияға, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ушын профилактикалық есапқа алынып атырған статьялар 28 ден 12 ге шекем азайтылып, ҳәзирги ўақытта керекли есапланған қосымша 2 жағдай менен толықтырылмақта.
Бул нызам жойбары Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан Халық демократиялық партиясы фракциясының мәжилисинде ҳәр тәреплеме додаланып, ондағы нормаларды және де жетилистириў бойынша усыныслар алға қойылды.
ӨзА