Балалар омбудсманының баянаты тыңланды

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан «Адолат» СДП фракциясы мәжилисинде Бала ҳуқықлары бойынша ўәкили (Балалар омбудсманы)ниң 2024-жылы бала ҳуқықлары ҳаққындағы нызамшылыққа мәмлекетлик уйымлар, соның ишинде ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен әмел етилиў жағдайы ҳаққындағы баянаты көрип шығылды.
Бул баянат Балалар омбудсманының Олий Мажлис палаталарына беретуғын биринши баянаты болып, онда мәмлекетимизде бала мәплерин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған реформалар, соның ишинде, БМШтың Бала ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенциясы, «Бала ҳуқықлары кепилликлери ҳаққында»ғы нызам ҳәм басқа нызамшылық ҳүжжетлериниң әмелге асырылыўы, мәмлекетлик уйымлар, соның ишинде ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен бала ҳуқықларына байланыслы халықаралық стандартлар ҳәм миллий нызамшылыққа әмел етиў жайдағы бойынша мағлыўматлар берилген.

Бала ҳуқықлары бойынша ўәкилдиң пуқаралардың мүрәжатлерин көрип шығыў ҳәм олардың бузылған ҳуқықларын тиклеўге байланыслы «Физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлери ҳаққында»ғы ҳәм «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Бала ҳуқықлары бойынша ўәкили (Балалар омбудсманы) ҳаққында»ғы нызамларға муўапық әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, 2024-жылы Бала ҳуқықлары бойынша ўәкил атына Өзбекстан Республикасы пуқаралары, сырт ел пуқаралары ҳәм омбудсманлары, пуқаралығы болмаған шахслар, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм басқа юридикалық тәреплерден 1064 мүрәжатлер салмағы 2,4 есеге артқанын көрсетеди.
Буннан тысқары, Бала ҳуқықлары бойынша ўәкил бала ҳуқықлары ҳаққындағы нызамшылықты жетилистириў, баланың мәплерин тәмийинлеўге қаратылған норма дөретиўшилиги жумысына да өз үлесин қоспақта. Атап айтқанда, 2024-жылы Бала ҳуқықлары бойынша ўәкил тәрепинен 46 нызамшылық ҳүжжетлери жойбарлары көрип шығылып, бала ҳуқықлары тараўындағы нызамшылықты қәлиплестириў бойынша усыныслар жиберилген.
Депутатлар соңғы жыллары мәмлекетимиз басшысының басшылығында әмелге асырылып атырған ашық ҳәм прагматикалық сыртқы сиясат бала ҳуқықлары тараўында да өзиниң нәтийжели көринисин таўып атырғанын айрықша атап өтти. Соннан келип шығып, Балалар омбудсманының 2024-жылдағы жумысы ҳаққындағы баянатын бир аўыздан мақуллады.
ӨзА