Кибержынаяшылықтың алдын алыўға бағышланды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 29-ноябрьдеги «Өзбекстан Республикасы жәмийетлик қәўипсизлик концепциясын тастыйықлаў ҳәм оны әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм 2022-жыл 3-февральдағы «Интернет тармағында жүз берип атырған ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында елимизде көплеген илажлар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, 2023-2024-жыллары республикамыз бойлап өткерилген «Кибермәдениятты жоқарылатыў айлығы» шеңберинде үгит-нәсият жумысларын жүргизиў ушын жергиликли бюджеттен 380 млн сум қаржы ажыратылып, усы тийкарда кең жәмийетшилик арасында үгит-нәсиятлаў илажлары өткерилди.
Деген менен, республикамызда интернет ҳәм заманагөй мәлимлеме технологияларынан надурыс пайдаланыў ҳәр қыйлы кибержынаятлар ҳәм ҳуқықбузарлықлар санының көбейиўине себеп болмақта.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Санаат технологиясы факултетинде студентлер ҳәм профессор-оқытыўшылардың ҳуқықый билимлерин арттырыў, киберқәўипсизлик бойынша хабардарлығын күшейтиў мақсетинде үгит-нәсиятлаў илажы шөлкемлестирилди.

Онда университеттиң профилактика инспекторы И.Ережепов кибержынаяшылықтың қәўип-қәтерлери, оның түрлери, алдын алыў илажлары ҳәм мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў жоллары ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берди. Илажда студентлер тәрепинен баянатшыға сораўлар берип, оларға жуўаплар алды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы