Өзбекстан ҳәм БАӘ билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтпекте

320

Өзбекстан Саўда-санаат палатасында БАӘ Шаржа әмирлигинде жайласқан «Ал-Қосимия» университети ректоры Аввад Ал-Халаф пенен сөйлесиў болып өтти.  Ушырасыўда тәреплер IT, маркетинг ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўында избе-из бирге ислесиў орнатыў мәселесин додалады.

Палата баслығының биринши орынбасары Даврон Қурбанов кейинги жылларда республикамызда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, соның ишинде, исбилерменлерге қолайлы шараят жаратыў, сырт ел инвестицияларын тартыўға қаратылған басламалар ҳаққында толық мағлыўмат берди.

Өз гезегинде, Аввад Ал-Халаф елимиздеги қәбилетли студентлерди, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаўға қызығыўшылық билдирип, бакалавриат ҳәм магистратура ушын грант ажыратыў арқалы билим алыў имканиятын кеңейтиў нийетин билдирди.

Сондай-ақ, биргеликте билмлендириў орайын шөлкемлестириў темасы да көтерилди. Бул комплекс жасларымыз – келешек исбилерменлериниң билимин, маманлығын арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Севинч Зоирова, ӨзА