Өзбекстан радиоактив шығындыларды басқарыўда халықаралық бирге ислесиўди беккемлемекте

Усы күнлерде Австрияның Вена қаласында Атом энергиясы халықаралық агентлиги (МАГАТЭ) тәрепинен «Радиоактив шығындылар менен ислесиў ҳәм ядролық объектлерди пайдаланыўдан шығарыў ҳаққындағы реже жойбарын ислеп шығыў» атамасында регионаллық илаж өткерилмекте.
Онда Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги комитети Радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги департаментиниң хызметкери Отабек Эшмуродов қатнаспақта.
Бул илаждан гөзленген мақсет, МАГАТЭге ағза мәмлекетлердиң радиоактив шығындылар, пайдаланып болынған жабық ионластырыўшы нурланыў дереклерин қадағалаў ҳәм ядролық объектлерди халықаралық қәўипсизлик стандартларына муўапық пайдаланыўдан шығарыў бойынша нормативлик ҳүжжетлер ислеп шығыўды қоллап-қуўатлаўға қаратылғанын атап өтиў керек.

28-февральға шекем өз жумысын даўам еттиретуғын усы илажда бир қатар мәселелер бойынша додалаўлар шөлкемлестирилмекте.
Комитет мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, 17-21-февраль күнлери Вена қаласында МАГАТЭ тәрепинен шөлкемлестирилген «Радиоактив шығындылар ҳәм пайдаланылып болынған ядро жанылғысы менен ислесиў ҳәм киши модулли реакторларды (КМР) пайдаланыўдан шығарыў» темасындағы техникалық мәжилис те болып өтти. Оған усы шөлкемниң Радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги департаментиниң хызметкери Жалил Юсупов экперт сыпатында қатнасты.

Мәжилисте МАГАТЭге ағза мәмлекетлердиң радиоактив шығындылар ҳәм пайдаланылып болынған ядро жанылғысы менен ислесиў тәжирийбесин үйрениўге итибар қаратылды. Сондай-ақ, бул процесстеги техникалық, қәўипсизлик ҳәм нормативлик тәреплерин додалаў, КМРларды объект жумысының барлық басқышларында пайдаланыўдан шығарыў мәселелери талқыланды.

Комитет мәлимлеме хызметиниң билдириўинше, илаж даўамында радиоактив шығындылар менен ислесиўде қәўипсизликти тәмийинлеў, КМРларды орналастырыў ушын инфраструктуралық зәрүрликлерди қәлиплестириў, мәлимлеме алмасыў ушын халықаралық платформа жаратыў және КМР дизайнерлери ҳәм тийисли шөлкемлер арасында бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери де көрип шығылды.
Н.Зиёдуллаева,
ӨзАның хабаршысы