Шебер ҳаял-қызлардың тәжирийбелери үйренилди

312

Шоманай районында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы М.Ахмедова, район ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы Т.Қаллықыличева, Беруний ҳәм Тақыятас районларынан келген исбилермен ҳаял-қызлар, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларындағы ҳаял-қызлар белсендилериниң қатнасыўында “Сайхунабад тәжирийбеси” мысалында көргизбели семинар өткерилди.

Мақсет – ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў.

Семинарда ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаўға байланыслы қабыл етилген арнаўлы қарарлар тийкарында, Наўрыз, Айбүйир ҳәм Моншақлы мәкан пуқаралар жыйынларындағы ҳаял-қызлардың исбилерменлик жумысларындағы тәжирийбелери көрсетилди.

Наўрыз мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Базаргүл Бекбосынова өзиниң қыйтақ жеринде ыссыханада жетистирилип атырған өнимлери ҳәм замаррық жетистириў бойынша тәжирийбеси менен ортақласты.

2024-жыл “Шебер қыздың өнери” грант таңлаўының жеңимпазы Гүлмира Жәдигерова тигиўшилик цехын кеңейтип, ҳаял-қызларды бийпул тигиўшиликке оқытып келмекте. Илажда Моншақлы мәкан пуқаралар жыйынында “Өнерлиниң қолы гүл” грант жойбарының жеңимпазы Алтынай Нәўбетованың да қой жүнинен таярланған өнимлери көрсетилди.

Семинарда ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыўға қаратылған әмелий тәжирийбелер, нәтийжели жойбарлар ҳәм грантлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Илаж қатнасыўшылары өзлери ушын пайдалы болған жаңа билим ҳәм идеялар менен танысып, қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги