Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының төртинши жалпы мәжилиси ҳаққында мәлимлеме

2025-жылдың 22-февраль күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының төртинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.
Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирип барылды.
Жалпы мәжилистиң үшинши жумыс күни сенаторлар тәрепинен дәслеп «Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети менен Қатар Мәмлекети Ҳүкимети арасында еки тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын орнатыў ҳаққындағы Келисимди (Ташкент қаласы, 2024-жыл 15-апрель) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызамды көрип шығыўдан басланды.
Атап өтилгениндей, бул еки Келисимде мәмлекет арасында өз-ара пайдалы сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиў байланысларын раўажландырыўға қаратылған тийкарғы баслы бағдарлар белгиленбекте.
Соның ишинде, Келисимде көлемли мақсетлерди гөзлеген билимлендириў ҳәм илим, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм мәдений мийрас, туризм, спорт сыяқлы әҳмийетли тараўларда бирге ислесиўди тереңлестириў, сондай-ақ, экономика, басқарыў, дипломатия ҳәм туризм тараўларында кадрлар таярлаў ҳәм олардың тәжирийбесин арттырыў бойынша тәжирийбе алмасыўға қаратылған биргеликтеги ҳәрекетлерди муўапықластырыў нәзерде тутылмақта.
Буннан тысқары, бул ҳүжжетте халықаралық шәртнамаларға муўапық өз-ара пайдалы саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў, инвестицияларды тартыў ҳәм қоллап-қуўатлаў ҳәм жеке меншик секторлардағы биргеликтеги кәрханаларды шөлкемлестириў бойынша зәрүр илажларды көриў нәзерде тутылмақта.
Ҳүжжетте халықаралық терроризм ҳәм экстремизмге, нәшебентлик қураллары, психотроп элементлер, қураллардың нызамсыз айланыста болыўына, шөлкемлескен жынаятшылыққа, адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм оларды сапластырыў механизмлериниң нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған ҳәрекетлерди муўапықластырыў ҳәм бирлестириў бойынша анық ҳәм режели илажлар белгиленбекте.
Сенаторлардың пикиринше, Келисимди ратификациялаў ҳаққындағы нызам Өзбекстан ҳәм Қатар арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиў байланысларын және де беккемлеўге хызмет етеди.
Додалаў соңында сенаторлар тәрепинен нызам мақулланды.
Буннан соң «Қоршаған орталық пенен байланыслы болған мәселелер бойынша қарарлар қабыллаў процесинде жәмийетшиликтиң мәлимлеме алыў имканияты, қатнасы ҳәм әдил судлаўға ерисиў имканияты ҳаққындағы Конвенцияға (Орхус, 1998-жыл 25-июнь) Өзбекстан Республикасының қосылыўы ҳаққында»ғы нызам додаланды.
Бул Конвенция инсанның саламатлық орталыққа болған ҳуқықларын қорғаўға қаратылған әҳмийетли халықаралық ҳүжжет болып есапланып, ол тийисли мәмлекетлик уйымлар, пуқаралар ҳәм жәмийетшилик арасында экологиялық мәлимлемелерди алыў ҳәм олардан пайдаланыўды тәмийинлеўге қаратылған.
Атап өтилгениндей, халықаралық статустағы ҳүжжеттиң тийкарғы мақсети – экология, қоршаған орталық ҳәм пуқаралардың саламатлығына унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин болған қарарларды қабыллаўда жәмийетшиликтиң қатнасы менен байланыслы өз-ара қатнасықларды тәртипке салыў ҳәм әдил судлаўға ерисиўди тәмийинлеўден ибарат.
Конвенцияда мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен кең жәмийетшилик сораўына бола ҳаўа, атмосфера, суў ҳәм топырақ сыяқлы қоршаған орталық элементлериниң қурамлық бөлеклерине байланыслы зәрүр мағлыўматларды бериў, тараўды раўажландырыўға қаратылған бағдарлама ҳәм режелерди ислеп шығыўда жәмийетшиликтиң қатнасын тәмийинлеў белгиленген.
Сенаторлардың пикирине бола, Өзбекстан Республикасының бул Конвенцияға қосылыўы экология ҳәм қоршаған орталық тараўында инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин мүнәсип тәмийинлеўге, сырт елдеги бирге ислесиўши мәмлекетлер менен биргеликте экологиялық қәўипсизликке ерисиў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлерди әмелге асырыўға, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы унамлы имиджи ҳәм абырайын және де арттырыўға хызмет етеди.
Додалаў соңында сенаторлар тәрепинен нызам мақулланды.
Жалпы мәжилисте көрип шығылған және бир ҳүжжет – «Өзбекстан Республикасы менен Малайзия Ҳүкимети арасында жынайый ислер бойынша өз-ара ҳуқықый жәрдем ҳаққындағы Шәртанамы (Ташкент, 2023-жыл 8-июнь)ны ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам болып есапланады.
Бул Шәртнамада жынайый ис бойынша тергеў ҳәм басқа да процессуаллық ҳәрекетлерди өткериўге байланыслы ҳуқықый жәрдем көрсетиў тийкарлары ҳәм шәртлери көрсетип өтилмекте. Сондай-ақ, сораў түри ҳәм мазмуны, оның орынланыўын тәмийинлеў, ҳуқықый жәрдем көрсетиўди бийкарлаў тийкарлары ҳәм Шәртнама шеңберинде алынған мағлыўмат ҳәм дәлиллерден пайдаланыўға шеклеўлерге байланыслы мәселелерге анықлықлар киргизилмекте.
Нызам менен ратификацияланып атырған Шәртанамада шахслардың мәнзили ямаса олардың шахсына анықлық киргизиў мәселелери белгилеп қойылмақта. Сорап атырған тәрептиң мүрәжатына бола соралып атырған тәреп өз нызамшылығы шеңберинде сораўда көрсетилген шахс соралып атырған тәреп аймағында екенлигине жетерли тийкар бар болғанда оны табыў ҳәм шахсын анықлаўда зәрүр болған барлық илажларды көриўи нәзерде тутылмақта.
Сенаторлардың пикиринше, нызамның қабыл етилиўи еки мәмлекеттиң ҳуқық қорғаў уйымлары жумысының жынайый жумысларды тергеў ҳәм судта көриў даўамындағы нәтийжелилигин арттырыўға, сондай-ақ, Малайзия Ҳүкимети менен жынайый ислер бойынша өз-ара ҳуқықый жәрдем көрсетиўдиң нызамлы тийкарларын беккемлеўге хызмет етеди.
Додалаў соңында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Сондай-ақ, «Дүнья жүзилик почта аўқамының Уставына Оныншы қосымша билдириўди (Аддис-Абеба, 2018-жыл 7-сентябрь) ҳәм Он биринши қосымша билдириўди (Абиджан, 2021-жыл 26-август) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам додаланды.
Атап өтилгениндей, нызам менен ратификацияланып атырған билдириўлер Дүнья жүзилик почта аўқамына ағза мәмлекетлер менен бирге ислесиў байланысларын ҳәм халықаралық почта алмасыўын шөлкемлестириў ҳәм нәтийжели хызметлерди турақлы раўажландырыўды нәзерде тутады.
Сондай-ақ, Дүнья жүзилик аўқам Уставына ратификацияланып атырған қосымша билдириўлер ағза мәмлекетлердиң почта операторлары менен өз-ара бирге ислесиў қатнасықларында Өзбекстан мәплерин өз ўәкилликлери шеңберинде ўәкиллик етиўи ҳәм қорғалыўы белгиленбекте.
Сенаторлардың пикиринше, бул нызамның қабыл етилиўи Өзбекстанның Дүнья жүзилик почта аўқамының жумысында нәтийжели ҳәм белсене қатнасыўына имканият береди.
Додалаў соңында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Парламент жоқары палатасы ағзалары тәрепинен «Самарқанд ўәлаятының Самарқанд қаласы, Самарқанд ҳәм Ақдәрья районлары шегараларын өзгертиў ҳаққында»ғы мәселе көрип шығылды.
Мәжилисте бул өзгерислерди әмелге асырыў халыққа мүнәсип жасаў шараятын жаратыў, оның тийисли мәнзиллерде инженерлик-коммуникация системаларын, сондай-ақ, социаллық тараў (мектеп, бақша, емлеўхана) объектлерин қурыў, жаңа жумыс орынларын жаратыўда үлкен әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.
Бизге белгили, 2023-жыл 20-июльде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Самарқанд қаласында «Ширин» заманагөй исбилерменлик орайын ҳәм турақ жайлар комплексин қурыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.
Додаланған мәселе де Самарқанд ўәлаятының өзине тән өзгешеликлерин инабатқа алған ҳалда мәмлекетимиз басшысы тәрепинен қабыл етилген қарардың толық әмелге асырылыўында әҳмийетли фактор сыпатында хызмет етеди.
Атап айтқанда, халықтың турақ жай менен тәмийинлеў бойынша усынысларынан келип шығып, пуқаралар ушын қолайлы болған орында – Самарқанд қаласынан өткен Зарафшон дәрьясы жағалығы бойында, 15 км узынлықтағы аралықтың баҳасы 10 миллиард долларлық «Ширин» заманагөй исбилермелик орайын ҳәм турақ жайлар комплексин қурыў мақсет етилген.
Сенаторлар көрип шыққан мәселеде Самарқанд ўәлаяты Ақдәрья районынан 243 гектар, Самарқанд районынан 170 гектар, жәми 413 гектар жер майданы Самарқанд қаласы қурамына өткерилиўи нәзерде тутылмақта.
Нәтийжеде әмелдеги 252 гектардан ибарат «Ширин» массивиниң аймағы кеңейтилип, жәми 665 гектар майданды қурайды.
Додалаўлар процесинде тастыйықланған мастер реже бойынша аймақта 180 мың халыққа мөлшерленген жәми 60 мың квартирадан ибарат 254 көп қабатлы турақ жай, 45 социаллық тараў объекти қурылатуғыны мәлим етилди.
Бул «Ширин» послёлкасында дөретиўшилик жойбарларын әмелге асырыў мүддетлери анық режелестирилген ҳәм қурылыс жумыслары 3 басқышта алып барылады.
Итибарлы тәреплеринен бири сонда, «Ширин» заманагөй исбилерменлик орайы толық қурылыўы нәтийжесинде ҳәр қыйлы тараўларда 50 мыңға шамалас халық ушын жаңа жумыс орынлары жаратылады.
Сенаторлардың толық пикирине бола, ўәлаяттағы шегаралардың өзгертилиўи Самарқанд қаласының архитектуралық көринисин жақсылаў ҳәм абаданластырыў, сырт ел ҳәм жергиликли инвесторлар ушын тартымлылығын арттырыў, қаланың туризм имканиятынан нәтийжели пайдаланыў, заманагөй бизнес, қаржы ҳәм туристлик инфраструктураларды жедел раўажландырыўды тәмийинлеў ҳәм ең тийкарғысы, халықтың турмыс абаданлығын арттырыўға хызмет етеди.
Додалаў соңында Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.
Буннан тысқары, сенаторлар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң қарарлары да тастыйықланды.
Жалпы мәжилисте жәмийетлик турмыстың барлық тараўларының ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге ҳәм мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған 19 мәселе, соның ишинде, 17 нызам көрип шығылды.
Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының төртинши жалпы мәжилиси жуўмақланды.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенаты
Мәлимлеме хызмети