Аймақ белсендилериниң пикир-усыныслары тыңланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Бердибек Сейтназаров халықты кәмбағаллықтан шығарыў, аймақларды раўажландырыў мақсетинде әмелге асырылған жумысларды үйрениў ушын Кегейли районына барды ҳәм райондағы сектор басшылары менен биргеликте Мәденият, Нурлы бостан МПЖ ҳәм Абат, Ақтуба, Жаңабазар ҳәм Қумшүнгил аўыл пуқаралар жыйынлары аймағындағы мәҳәлле жетилиги ҳәм көше бийлери менен ушырасты.






Ушырасыўда соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар атап өтилип, мәҳәлле жетиликлери ҳәм көше бийлериниң аймақларды раўажландырыў бойынша пикир-усынысларын тыңлады.
Илажда пуқаралар тәрепинен билдирилген ҳәр бир усыныс етилген машқаланы шешиўге үлкен итибар қаратылып, бул бойынша арнаўлы бағдарламалар тийкарында әмелий жумыслар алып барылатуғынлығы атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги