Өзбекстан ҳәм Әзербайжан парламентлери перспективалы режелерди биргеликте әмелге асырады

Күни кеше Баку қаласында Азия Парламент Ассамблеясының 15-жалпы сессиясы болып өтти.
Онда Сенат Баслығы Т.Норбоева басшылығындағы Өзбекстан парламенти делегациясы да қатнасып, регионымызда экологиялық қәўипсизлик ҳәм климат өзгериўине байланыслы мәселелерди нәтийжели шешиў ушын ҳәрекетлерди бирлестириўге байланыслы усынысларды алға қойды.
«Азияда көп тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеўде парламент дипломатиясының орны» темасында өткен бул жалпы сессияда Өзбекстан парламентиниң регионаллық ҳәм халықаралық илажларды шөлкемлестириўдеги белсенди роли айрықша атап өтилди.

Абырайлы әнжуман шеңберинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Әзербайжан Республикасы Миллий Межлисиниң Баслығы Соҳиба Гафарова менен ушырасты.
Онда еки мәмлекет парламентлери арасында өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша «жол картасы»ның 2024-2025-жылларға мөлшерленген режелериниң орынланыўы додаланды.
Сөйлесиў даўамында биринши Өзбекстан-Әзербайжан парламентлераралық форумын өткериў, парламент комитетлери ҳәм дослық топары ағзаларының тығыз байланысларын және де беккемлеў бойынша пикир алысылды.
Тәреплер халықаралық илажларда парламент ўәкиллериниң белсене қатнасыўын тәмийинлеўге де итибар қаратып, Ташкентте болып өтетуғын Парламентлераралық Аўқамның 150-юбилей ассамблеясы шеңберинде нәтийжели сөйлесиўлерди даўам еттириўге келисип алды.
Н.Абдураимова,
ӨзА