Халықаралық таңлаўдың жаңа мәўсимине старт берилди

254

Мәмлекетимиз басшысы быйылғы жылдың 14-февраль күни мәмлекетимиз жаслары менен сөйлесиў өткерип, ушырасыўда жаслар менен ислесиў нәтийжелилигин арттырыў, оларға және де кең имканиятлар жаратыў илажларын додалаған еди.

Бул ушырасыўда жаслардың қызығыўшылықлары ҳәм мүтәжликлерин ўақтында анықлаўда жасалма интеллект технологияларынан пайдаланыў, потенциалын монетизациялаў, социаллық әҳмийетке ийе жойбарларға тартыў әҳмийетли екенлиги атап өтилген.

Жаслар ушын, әне, усындай әҳмийетли жойбарлардан бири “Technovation Girls Uzbekistan-2025” – Өзбекстандағы ҳаял-қызлар ушын  ири STEM – бағдарламасының жаңа мәўсимине старт берилди.

Илажда 1500 ге шамалас ҳаял-қызлар қатнасты. “Technovation Girls” – қызлар ушын халықаралық технологиялық таңлаў болып, ҳәр жылы дүньяның 70тен аслам мәмлекетинде өткерип келинеди. Таңлаўдың мақсети қатнасыўшы қызларға бейимлесиўшең  көнликпелерди бериў, социаллық машқалаларды шешиў ушын оларды  IТ – технологияларына, программаластырыў имканиятлары ҳәм жасалма интеллектке ҳәм технологиялық тараўлардағы исбелерменликке қызықтырыўдан ибарат.

Илажда  Өзбекстан Республикасы санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов қатнасып, шығып сөйледи. Министр өзбек қызларының жоқары потенциалға ийе екенин атап өтти.

– Елимизде ҳаял-қызлардың стартапларын қоллап-қуўатлаўға оғада үлкен итибар қаратылмақта. Бул илаждың быйылғы ашылыўы өзбек қызларымыздың жойбар ҳәм стартапларын және де қоллап-қуўатлаў ушын әҳмийетли басқыш болып хызмет етеди. Быйыл жақсырақ ҳәрекет ететуғын  болсақ, финалға шығатуғын қызлардың саны және де көбирек болады деп ойлайман.  Өзбек қызлар ҳеш кимнен кем емес екенлигине сырт  ел сапарларына барғанымызда гүўа болғанбыз. Қызларымызда креативлик күшлирек ҳәм оған басқа мәмлекетлердиң ўәкиллери де ҳәўес  етеди. Алдыңызға жақсы мақсетлер қойып ҳәрекет етиўден тоқтамаўыңызды тилеп қаламан, – деди министр өзиниң шығып сөйлеген сөзинде.

Н.Раҳманова,

ӨзА