Маскатта Өзбекстан –Оман исбилермен ҳаял-қызлар форумы  болып өтеди

317

Өзбекстан  Саўда-санаат палатасында исбилермен ҳаял-қызлардың Оман Патшалығының Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Вафо Жабр Носир Ал- Бусаидий ханым менен ушырасыўы шөлкемлестирилди.

Сөйлесиў ўақтында  исбилерменлеримиздиң Оманға сапарынан гөзленген мақсет, күтилип атырған нәтийже ҳәм келешектеги бирге ислесиў мәселелери додаланды.

Өз гезегинде Елши мәмлекетимиз басшысының  басшылығында елимизде ҳаял-қызлардың исбилерменлигин қоллап-қуўатлаўға қаратылып атырған айрықша итибар, усы бағдарда алып барылып атырған реформаларды жоқары баҳалап, өз-ара шерикликте ҳаял-қызлардың басламалары әҳмийетли орын тутатуғынын  атап өтти.

– Өзбекстанда жумыс баслаған биринши күнлеримнен-ақ жүрегим түбинде еки мәмлекет  ҳаял-қызларының исбилерменлигин қоллап-қуўатлаўға үлес қосыўды нийет еткен едим, – дейди Вафо Ал-Бусаидий ханым. – Сонлықтан бирге ислесиўимиз раўажланып атырғанынан оғада қанаатланаман.

Ушырасыўда   сапарды жоқары  категорияда шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша режели  жумысларды бирге даўам еттириўге келисип алынды.

М.Пирматова, ӨзА