2-сентябрь күни республикамыздың барлық жоқары оқыў орынларында ғәрезсизлигимиздиң 26 жыллығы мүнәсибети менен «Пидайың болғаймыз сениң, Өзбекистан!» сүрени астында Ғәрезсизлик сабақлары ҳәм де Биринши Президентимиз И.Кәримовтың естелигине бағышланған «Еслеў сабақлары» өткерилди. Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлектелик университетинде де усы мүнәсибет пенен дәслепки сабақлар басланды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Мәденият сарайында профессор-оқытыўшылар ҳәм студент жаслары менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда атап өтилгениндей, елимизде билимлендириў тараўына қаратылып атырған жоқары итибардың нәтийжесинде билим дәргайлары заманагөй келбетке және кең қолайлылықларға ийе болмақта. Жақын күнлерде бул дәргайда да 51 миллиард сумлық ири оңлаў жумыслары алып барылып, оқыў орны 7 миллиард сум қаржы есабынан заманагөй мебель ҳәм басқа да үскенелер менен тәмийинленген еди. Соның менен бирге, университет жанында жаңа спорт комплекси қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылды.

Усы жылдың 30-июнь сәнеси елимиз жаслары ушын жаңа дәўирди баслап берген күн сыпатында кеўиллерден терең орын алмақта. Өйткени, Президентимиз жаслар менен ушырасып, олардың келешеги, турмысы менен байланыслы бир қатар ўазыйпаларды белгилеп берди. Сондай-ақ, быйылғы оқыў жылында жоқары оқыў орынларына жасларымызды қабыл етиў квотасына өзгерислер киргизилди. Университетке өткен жылы 1894 студент қабыл етилген болса, быйыл олардың саны 306ға яғный 16 процентке көбейди. Соның ишинде быйылғы оқыў жылында 640  студент мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилди. Олардың арасынан елимиз көлеминде өткерилген пән олимпиадаларында жеңимпаз болған, спорттағы жетискенликлериниң нәтийжесинде бир қатар жаслар тест сынақларысыз студент болыў бахтына миясар болды.

Усы күни университет жасларына студентлик гүўалықлары салтанатлы рәўиште тапсырылды.

– Елимизде жаслардың терең билим ийелеўи ушын кең қолайлылықлар жаратылған,- дейди журналистика қәнигелигине грант тийкарында оқыўға қабыл етилген Шаҳзада Алимбетова.  – Мен де устазларымыздың берген билимин, ата-анамның үмитин ақлап, быйылғы жылы университет студенти деген ҳүрметли атаққа миясар болып, шексиз қуўанып атырман. Енди бул жағында да оғада жуўапкерли басқышта турмыз. Университте де ҳәр тәреплеме белсенди болыўға, терең билим алыўға, елимиздиң раўажланыўына үлес қосатуғын инсан болыўға тырысаман.

М.Игиликова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы