Ўатанласларымыз ушын Японияда ислеў имканияты кеңеймекте

Өзбекстанның Япониядағы елшиханасында мәмлекетимиз пуқараларының мийнет миграциясы мәселесине бағышланған семинар ҳәм дөгерек сәўбети өткерилди.
Илаж Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (JICA) ҳәм усы мәмлекеттиң бир қатар жумыс бериўши кәрханалары менен биргеликте шөлкемлестирилди.
Елши Муҳсинхўжа Абдурахманов қатнасыўшыларды тараўдағы ҳәзирги жағдай, сырт елде жумысқа жайласыў процесин жетилистириўге бағдарланған реформалар менен таныстырды.
Ушырасыў ўақтында JICA тәрепинен жолға қойылған «Японияда бәнтлик имканиятынан пайдаланған ҳалда, Өзбекстанның санаат тараўы кадрларының потенциалын арттырыў» жойбары усыныс етилди.
Сондай-ақ, пуқараларымызға жумыс излеўде жәрдем беретуғын онлайн платформасы көрсетилди.
Итибарлысы, көплеген япон компаниялары өзбекстанлы қәнигелерге қызығыўшылық билдирди. Додалаў шеңберинде тәреплер мийнет мигрантларын япон тили бойынша оқытыў, олардың маманлығын арттырыў ушын әмелий илажлар ислеп шығыўға келисип алды.
Еки мәмлекеттиң мийнет миграциясы тараўында бирге ислесиўди кеңейтиўге умтылысын көрсеткен илажда келешектеги бирге ислеў жумыс бағдарлары белгилеп алынды.
Азиза Алимова, ӨзА