Өз-ара бирге ислесиў мәселелери додаланды

251

Пайтахтымыздағы Симпозиумлар сарайында Саудия Арабстаны Патшалығы Ҳаж ҳәм умра ислери министри Тавфиқ бин Фавзон ар-Рабиа басшылығындағы делегация менен Өзбекстан Республикасы Дин ислери бойынша комитет баслығы Содиқ Тошбоев, Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң баслығы, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар ҳәм басқа да тийисли жуўапкерлердиң қатнасыўында сөйлесиў болып өтти.

Беккем тарийхый, мәдений ҳәм диний байланысларға тийкарланған Өзбекстан – Саудия Арабстаны байланысларының жоқары дәрежеси еки мәмлекет жетекшилери басшылығында алып барылып атырған өз-ара дослық қатнасықларының нәтийжеси болып табылады.

Ҳаж ҳәм умра ислери министри Тавфиқ бин Фавзон ар-Рабиа шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, бул сапар етиўден мақсет Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстаны Патшалығы арасындағы бирге ислесиў қатнасықларын буннан былай да жетилистириў, әсиресе, Ҳаж ҳәм умра илажларын шөлкемлестириўдиң сапасын арттырыў, диний-ағартыўшылық, илимий-изертлеў, туризм,  транспорт тараўларындағы байланысларды беккемлеўге қаратылғанын билдирди.

Министр Имам Бухарий, Имам Термизий, Фарабий, Беруний, Ибн Сина сыяқлы уламалардың ислам ағартыўшылығына, дүнья цивилизациясына қосқан бийбаҳа үлесин атап өтип, әййемги мәденият ҳәм бийбаҳа естеликлер журты болған Өзбекстанға саудиялылардың да зыяратқа үгит-нәсиятлаўда белсенди болыўын айтып өтти.

Сөйлесиўде Ҳаж ҳәм умра илажларын әмелге асырыўдың шөлкемлестириў-ҳуқықый тийкарлары тәмийинленгени, пуқараларымызға қолайлықлар, және де жақсы имканиятлар жаратыў бойынша системалы жумыслар исленип киятырғаны, атап айтқанда, умра илажларын үлгили шөлкемлестириў, зыяратшыларға әмеллерди толық, қәўипсиз орынлаўына мүнәсип шараятлар жаратыў, олардың кепиллик берилген хызметлерден пайдаланыўын тәмийинлеў мақсетинде республикамыз нызамшылығына муўапық Өзбекстанда умра илажын шөлкемлестириў ўәкиллиги Өзбекстан мусылманлары мәкемеси және 12 ширкетке берилгени айтып өтилди.

Ҳаж ҳәм умра ислери менен байланыслы нызамсыз ҳәрекетлердиң алдын алыў бойынша түсиндириў ҳәм үгит-нәсиятлаў жумыслары алып барылып атырғаны атап өтилди.

Ушырасыўда Өзбекстан мусылманлары мәкемеси баслығы, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар бәринен бурын, бундай бирге ислесиўшилерге тийкар жаратып берип атырғаны ушын Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Еки Муқаддес Мешит хызметкери Саудия Арабстаны Патшасы Салмон бин Абдулазиз Ол Сауд ҳәм Мийрасхор шаҳзада Муҳаммад бин Салмонларға миннетдаршылық билдириў менен бирге жерлеслеримиз ушын ҳаж квотасы кейинги жылларда 3 есеге көбейтилип, ҳәр жылы 15 мың жерлесимиз ҳажылық бахтына миясар болып, умра зыяратшыларының саны бир неше жүз мыңды қурап, оларға болған ҳүрмет-итибар, шараятлар барған сайын жақсыланып атырғанын атап өтти.

Сондай-ақ, сөйлесиўде Президентимиз тәрепинен ашық-айдынлық сиясаты алып барылып атырғаны, әсиресе, мәмлекетлеримиз ҳүкиметлери ҳәм министрликлери арасында энергетика, бажыхана, пуқаралық авиация, туризм, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў, мийнет қатнасықлары сыяқлы тараўларда бирге ислесиўге байланыслы көплеген ҳүжжетлер қабыл етилгени айтылды.

Еки мәмлекет арасында илимий-изертлеў жумысларында кең көлемли бирге ислесиў, дин уламаларының қатнасыўында әнжуманлар өткериў, Саудия Арабстаны пуқаралары Өзбекстанның Самарқанд, Бухара, Термиз сыяқлы әййемги қалаларына зыяратқа келиўин шөлкемлестириў сыяқлы жумысларды раўажландырыў бағдарында пикир-усынслар билдирилди.

Тавфиқ бин Фавзон ар-Рабиа Өзбекстан тәрепинен билдирилген усынысларды ҳәр тәреплеме көрип шығып, унамлы шешиўде бар имканиятларды иске қосатуғынын билдирди.

Сөйлесиў қызғын ҳәм көтериңки руўҳта өтти.

Н.Усманова,

ӨзАның хабаршасы