Россия – АҚШ сөйлесиўи мүнәсибети менен Ар-Риёдта қәўипсизлик илажлары күшейтилди

262

Бүгин Россия  – Америка сөйлесиўи басланатуғын Саудия Арабстаны пайтахты Ар-Риёдта азаннан баслап жаўын жаўып тур. Сонлықтан қалада қәўипсизлик илажлары күшейтилген. Сөйлесиў өтетуғын орынға оғада көп сақшылар жайластырылған.

Журналистлер ушырасыў ўақыты избе-из кейинге қалдырылып атырғаны себепли  сөйлесиў басланыўын сабырсызлық пенен күтпекте. Әсиресе, Америкадан жүдә көп хабаршы келген.

Көшелер тығыз емес, барлық жерде Саудияның жасыл байрақлары желбиреп тур.

Ушырасыўға РФ тәрепинен сыртқы ислер министри Сергей Лавров, Президент жәрдемшиси Юрий Ушаков ҳәм Тиккелей инвестиция фондының басшысы Кирилл Дмитриев келген.

Қурама Штатлар делегациясының қурамында болса Мәмлекетлик хаткер Сарко Рубио, Президент Дональд Трамптың миллий қәўипсизлик бойынша кеңесгөйи Майк Уолтц ҳәм Жақын Шығыс бойынша арнаўлы ўәкили Стивен Виткофф бар.

Кейинги мағлыўматларға қарағанда, Россия – Америка сөйлесиўи Патшалық шаңарағы сарайларынан бири, Албасатин комплексиндеги Дирияда болып өтеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги