АҚШта суў тасқыны ҳәм боран қурбанларының саны 13 адамға жетти

264

АҚШта жүз берип атырған суў тасқыны ҳәм боран ақыбетинде қайтыс болғанлар 13 адамға жетти.

CNN мағлыўматларына қарағанда, тәбийғый апатшылықтан  Батыс Виржинияда бир адам, Кентукки штатында болса 11 адам қайтыс болды. Жоржия пуқарасы өз үйинде боран тәсиринде қулаған терек басып қалып, жан берди.

Батыс Виржиния губернаторы Патрик Моррис журналистлерге суў тасқынынан кейин штаттың көплеген аймақларында халық пенен байланыс болмай атырғанын айтқан.

Кентукки губернаторы Энди Бешердиң билдириўинше, айрықша хызметлер мыңнан аслам адамды қутқарған.

Еслетип өтемиз, дем алыс күнлери күшли жаўын-шашын себепли айырым штатларда суў тасқыны бақланды. Нью-Йорктен Алабамаға шекем кеминде 700 000 жай, бизнес орайы ҳәм басқа да имаратлар жаўын, самал ҳәм тасқын себепли электр тәмийнатынан үзилген.

Бул аймақларда айрықша жағдай жәрияланған, излеў-қутқарыў жумыслары даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги