Кувейт Мәмлекетине рәсмий сапар жуўмақланды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Кувейт Мәмлекетине биринши рәсмий сапары илажлары жуўмақланды.
Мәмлекетимиз басшысы Ал-Кувейт қаласында Әмир Шайх Мишъал ас-Сабоҳ ҳәм Мийрасхор Шайх Сабоҳ ас-Сабоҳ пенен тарийхый сөйлесиўлер, сондай-ақ, усы мәмлекет ҳүкиметиниң ағзалары, жетекши компаниялары ҳәм қаржы институтлары басшылары менен нәтийжели ушырасыўлар өткерди.

Саммит ақырында Биргеликтеги билдириў қабыл етилди, сондай-ақ, бирге ислесиўдиң түрли бағдарлары, соның ишинде, экономикалық тараўда 4,9 миллиард долларлық салмақлы келисимлер топламына қол қойылды.

Мәмлекетимиз басшысы мәдений бағдарлама шеңберинде «Ас-Салом» сарай-музейиниң Кувейт халқы мәденияты ҳәм тарийхын сәўлелендириўши экспозицияларын көзден өткерди.

Сапар илажлары жуўмақланғаннан соң, Ал-Кувейт халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Мийрасхор Шайх Сабоҳ ас-Сабоҳ ҳәм басқа рәсмий шахслар шығарып салды.
Мәмлекетимиз басшысы Ташкент қаласына жөнеп кетти.



ӨзА