Өзбекстан Президенти ҳәм Кувейт Мәмлекети Мийрасхоры кең көлемли шерикликти раўажландырыў режелерин додалады

673

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 18-февраль күни Ал-Кувейт қаласына сапары шеңберинде усы мәмлекеттиң Мийрасхоры Шайх Сабоҳ ас-Сабоҳ пенен ушырасыў өткерди.

Өзбекстан менен Кувейт арасында дослық ҳәм кең көлемли шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Сөйлесиў басында мәмлекетимиз басшысы  Мийрасхорға шын жүректен қабыллағаны ҳәм айрықша итибар ушын миннетдаршылық билдирди.

Күни кеше болып өткен жоқары дәрежедеги тарийхый сөйлесиўлер, ҳүкимет ағзалары ҳәм жетекши компаниялар менен пайдалы ушырасыўлар көп тәреплеме Өзбекстан-Кувейт қатнасықларын кеңейтиўге беккем тийкар болатуғыны атап өтилди.

Жоқары дәрежеде жедел сөйлесиў ҳәм алмасыўларды даўам еттириўге келисип алынды. Инвестицияларды тартыўға  платформаны тез арада иске қосыў, агросанаат комплекси, транспорт ҳәм логистика, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, фармацевтика, инфраструктура ҳәм басқа да бағдарларда кооперациялық жойбарларды әмелге асырыўға келисип алынды.

«Орайлық Азия – Араб қолтығы мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси» сөйлесиўи шеңбериндеги басламаларды өз-ара қоллап-қуўатлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Қабыл етилген барлық қарар ҳәм келисимлерди орынлаў үстинен биргеликте қадағалаў орнатыў мәселеси келисип алынды.

ӨзА