Арал машқаласынан сөйлеўши көргизбе

271

Фоторепортаж

Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими Көргизбелер сарайында Американың «Апехарт» қоры тәрепинен Арал машқаласына бағышланған «Биз теңиз шөплери едик» атамасындағы көргизбе шөлкемлестирилди.

Көргизбеде Аралбойы машқаласына итибар қаратқан Қарақалпақстан Республикасынан Александр Агай, германиялы Лена Позднякова ҳәм Элдар Таги, Уллы Британия мәмлекетинен Лилия Баканова ҳәм ўатанласымыз Саодат Исмоилованың дөретиўшилик жумыслары көргизбеге қойылған. Бул шығармаларда Арал теңизиниң тарийхы ҳәм оның ҳәзирги күндеги жағдайы дөретиўшилик көзқарасларда сәўлеленген.

Қазақстанлы художник Александр Угай Мойнақ районының аймағы тәбиятында пайда болған унамсыз жағдайды, шаң-тозанлардың көтерилиўин «Камера-обскура» үскенеси жәрдеминде сүўретлеп берген.

Германиялы Лена Позднякова ҳәм Элдар Таги аймақтағы жағдайды, теңиз суўының сыбырлысын, самал есиўи ҳәм өсимликлер тербелисин даўысларды арнаўлы материаллар жәрдеминде сәўлелендирген.

Андлия дөретиўшиси Лилия Баканова Арал теңизи ҳәм оның әтирапындағы турмысты жиптен тоқылған ҳәйкел жәрдеминде сүўретлеген.

Негизи өзбекстанлы, ҳәзирги ўақытта Францияда жасап атырған дөретиўши Саодат Исмоилова болса көргизбе қатнасыўшыларына «Көринбес теңизден балық аўы» деп аталған ҳүжжетли фильмин усынған. Бул фильмде Арал теңизиниң бойында жасап атырған мойнақлы балықшылардың суў тамтарыслығы себепли пайда болған аўыр турмыс шараяты ҳаққында сөз етиледи.

М.ҲАБИБУЛЛАЕВ, (сүўрет),

Қарақалпақстан хабар агентлиги