«Айдынлар» фильми – халықаралық фестиваль жеңимпазы

491

Усы жылдың 1215-февраль күнлери Ватикан мәмлекетиниң бирден-бир кинофестивалы –  XVI “Mirabile Dictu” кинофестивалы болып өтти.

Дүнья кинодөретиўшилери тәрепинен кинофестивальға жиберилген 2000 нан артық фильм ишинде Өзбекстан телерадиокомпаниясы системасындағы «O‘zbektelefilm» мәмлекетлик мәкемеси тәрепинен ислеп шығарылған «Айдынлар» көркем фильми усы фестивальда «Ең жақсы фильм» номинациясында жеңимпаз болды.

Картинаның сценарий авторы – устаз дөретиўши, белгили жазыўшы Назар Эшонқул. Көркем фильм режиссёрлары – Музаффархан Эркинов ҳәм Музаффар Қарабаев.

Фильмниң бас операторы – Равшан Мирзакамалов, композитор – Муинзада, бас художник – Қаҳрамон Маткаримов, продюсер – Анвархан Арифханов. Тийкарғы роллерди Арман Барахов, Гүлжәҳән Палўаниязова, Ҳайитали Низомиддинов сыяқлы актёрлар атқарған.

Соны да айтыў керек, 2021-жылы «Айдынлар» фильми Болгария кино, телевидение ҳәм интернет коммуникация академиясы тәрепинен өткерилген IX халықаралық кино-фестивальда «Гран-Приғге ерискен.

Фильмде қарақалпақ жигитиниң сырт елде оқып, ўатанына қайтыўы ҳәм Мойнақта өз муҳаббатын ушыратып, Ўатандағы жаңаша өзгерислердиң гүўасы болыўына байланыслары басынан кеширгенлери сәўлеленеди.

Н.Усмонова, ӨзА