Қырғызстан менен билимлендириў ҳәм илим тараўындағы бирге ислесиў кеңеймекте

324

Бишкек қаласында Қырғыз Республикасы билимлендириў ҳәм илим министри Доқдуркул Кендирбоева ҳәм Өзбекстанның усы мәмлекеттеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Саидикром Ниёзхўжаев арасында ушырасыў болып өтти. Бул ҳаққында «Кабар» мәлимлеме агентлиги мәлим еткен.

Сөйлесиў даўамында бирге ислесиўди тереңлестириўге байланыслы мәселелер додаланып, суў ресурслары, климат өзгериўи ҳәм экология тараўында илимий изертлеў процесин жолға қойыў темасына айрықша итибар қаратылды.

Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан темир жолы сыяқлы ири инфраструктура жойбарлары ушын маман кадрлар таярлаў зәрүр екенлиги, сондай-ақ, экология, аўыл хожалығы ҳәм фермерлик бағдарларында билимлендириў бағдарламаларын ислеп шығыўға байланыслы мәселелер көтерилди.

Жоқары билимлендириў ҳәм илимий дәрежелер бойынша дипломларды өз-ара тән алыў ҳаққында шәртнамаға қол қойыў имканияты да тәреплерде қызығыўшылық пайда етти.

Сөйлесиў ўақтында усы туўысқан үлкеде мәмлекетимиздиң жетекши жоқары оқыў орынларының филиалларын ашыў, студентлер ушын виза алыў ҳәм жасаў орны бойынша дизимнен өтиўге жәрдемлесиў темасы да дыққат орайында болды.

Муҳаррама Пирматова, ӨзА