Театрлар менен бирге ислесиў меморандумына қол қойылды

384

Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Нөкис қаласы ҳәкимлиги ўәкиллериниң оқыўшы-жаслар, олардың ата-аналары ҳәм устазлар менен ушырасыўы болып өтти.

Илажда мәмлекетимиз басшысының басламасы менен елимизде жаслардың мәдений дәрежесин арттырыў, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық мәдениятының ең жақсы үлгилеринен қанаатланыўын тәмийинлеў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы ҳәм нәтийжели өткериўге айрықша итибар қаратылып атырғаны ҳаққында сөз етилди.

Мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 22-ноябрьдеги «Театрлардың жәмийеттиң мәдений турмысындағы әҳмийетин арттырыў ҳәм олардың жумысын және де қоллап-қуўатлап илажлары ҳаққында»ғы қарары елимизде театр өнерин және де раўажландырыў, театрлардың жумысын жетилистириў ҳәм олардың техникалық базасын беккемлеў, спектакльлердиң көркемлик дәрежесин арттырыўды қоллап-қуўатлаўға хызмет етпекте. Қарарда халық, әсиресе, жаслардың қатнасыўында «Мәҳәлле жетилиги» ағзалары менен биргеликте ҳәр айда мәҳәллелерде «Театр күни» илажларын өткериў, онда дөретиўшилик ушырасыўлар ҳәм театрластырылған композициялық көрсетиўлер яки театрларға келиўин шөлкемлестириў, «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген пуқаралар ҳәм майыплығы болған шахслар мәмлекетлик театрлардың спектакльлерине бийпул кириўи белгиленди.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги басламасы менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер  театры менен бирге ислесиў меморандумына қол қойылды. Буннан гөзленген мақсет, жасларды театрларға қамтып алыў ҳәм спектакльлер тамашасын шөлкемлестириў арқалы олардың руўхый ҳәм интеллектуаллық жақтан раўажланыўын, ана Ўатанға болған сүйиспеншилигин арттырыў, шаңарақ, ата-ананың қәдирине жетиўди тәмийинлеўден ибарат.

Илажда қатнасқан Нөкис қаласындағы барлық улыўма билимлендириў мектеплериниң 10-11-класслар оқыўшылары, олардың ата-аналары ҳәм устазлар итибарына С.Узақбаев ҳәм П. Өтениязов шығармасы тийкарында сахналастырылған «Перзент тәшўиши» спектакли көрсетилди.

Жыл даўамында ҳәптениң шемби күни оқыўшы-жаслардың театрларға келиўи шөлкемлестириледи.

ӨзА