Жаңа мәўсимге старт берилди

Нөкис олимпиада ҳәм паралимпиада спорт түрлерине таярлаў орайында «Бес баслама олимпиадасы»ның 2025-жылғы мәўсимине рәсмий старт берилди.
Усы мүнәсибет пенен шөлкемлестирилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарикеев, Қарақалпақстан Республикасы Спорт министри А.Алланазаров, Нөкис қаласы ҳәкими А.Данияров, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы П. Махсетбаев мәмлекетимиз басшысының басламасы менен елимизде жасларды денетәрбия ҳәм спортқа тартыў, олардың спорт тараўында қәбилетин көрсетиўи ушын керекли шараятлар жаратыў, спортшылар ҳәм олардың тренерлерин хошаметлеўге қаратылып атырған итибарға айрықша тоқтап өтти.
Өзбекстан Республикасы Президенти, Миллий Олимпиада комитети баслығы Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында олимпиада ҳәм паралимпиада ҳәрекети, қәнигелестирилген ҳәм ғалабалық спортты жаңа басқышқа алып шығыў ҳәм халықтың физикалық белсендилигин арттырыў илажлары бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде атап өтилгениндей, ҳәр бир инсан, ҳәр бир ата-ананың арзыў- нийети физикалық ҳәм руўхый бәркамал әўладты тәрбиялаў болып есапланады. Буған болса дентәрбия ҳәм спортсыз ерисип болмайды.
Мәмлекетимизде денетәрбия ҳәм спортты ғалаба ен жайдырыў, спорт пенен шуғылланатуғынлардың санын арттырыўда мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл 11-апрельдеги «Мәҳәллелерде жасларды ғалабалық спортқа тартыўды жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы қарары оғада әҳмийетли.
Бул қарарда мәҳәллелерде ғалабалық спорт пенен шуғылланыў ушын техникалық базаны беккемлеў ҳәм спорт имаратларын заманагөй спорт инвентарлары менен тәмийинлеў, сондай-ақ, имканияты шекленген жаслар ушын тийисли спорт инфраструктурасын жаратыў, халық арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, оқыўшылары жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған улыўма орта билимлендириў мектеплериниң денетәрбия пәни оқытыўшылары ҳәм спорт –билимлендириў мәкемелериниң тренерлериниң мийнетин мүнәсип хошаметлеў ғалабалық спортты раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары сыпатында белгиленди.
Жаңа мәўсимге рәсмий старт бериў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы орайлық студиясынан мәҳәлле жаслары, майыплығы болғанлар, спорт мектебиниң тәрбияланыўшылары, улыўма билимлендириў мектеплери ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелери оқытыўшылары, өткен жылғы жарыстың жеңимпазлары қатнасты. «Бес баслама олимпиадасы»ның өткен жылғы нәтийжесине бола, Қарақалпақстан Республикасы 50 медаль (16 алтын, 15 гүмис, 19 бронза) менен жетекшилик еткенин атап өтиўимиз керек.

Илажда Өзбекстан Республикасы Спорт министрлиги тәрепинен Нөкис қаласы ҳәм Қоңырат районы ҳәкимлери «Жисмоний тарбия ва спорт алъочиси» көкирек белгиси менен сыйлықланды. Сондай-ақ, «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде өткерилетуғын жарыслар ушын мәҳәлле жаслары жетекшилерине спорт инвентарлары тапсырылды.
ӨзА