Көп квартиралы жайды  басқарыў усылы ондағы  жайлардың мүлк ийелериниң улыўма мәжилисинде, халықтың келисими тийкарында белгиленеди

388

Социаллық тармақларда көп қабатлы турақ жайларға хызмет көрсететуғын  басқарыў  уйымларын  мәжбүрий  түрде басқа басқарыў уйымларына бириктириў жағдайлары бақланып  атырғаны, онда мүлк ийелериниң пикири инабатқа алынбай атырғаны ҳаққында  жәрияланған мүрәжат бойынша Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги мүнәсибет билдирди.

Министрликтиң рәсмий мүнәсибетинде көп қабатлы турақ жайларды  басқарыў ҳаққындағы нызамға, соның ишинде, басқарыў усылы мүлк ийелериниң улыўма мәжилиси тәрепинен ҳәм халықтың келисими тийкарында белгилениўи ҳаққындағы нормаларға силтеме келтирилген.

Атап өтилиўинше, халық тәрепинен тән алынып киятырған басқарыў уйымларының жумысына тийкарсыз араласыў нызамшылықта белгиленген тәртипте жуўапкершиликке  себеп болады.

Сондай-ақ, ҳәр бир тараў дәўир талабына сәйкес түрде турақлы жетилистирилип барылыўы керек. Онда тараўды және де қолайластырыў, ондағы  ислемейтуғын механизмлерди қайта көрип шығыў, заманагөй процесслер тийкарында системаны тәртипке салыў үлкен әҳмийетке ийе.

Көп квартиралы турақ жайларға  хызмет көрсетиў тараўын жетилистириў, оның тийкарында халыққа және де қолайлы шараят жаратыўды тәмийинлеў мақсетинде алып барылып атырған жумыслар нәтийжесинде бүгин тараўда саламат бәсеки орталығы қәлиплести. Халықта да өзи жасайтуғын көп қабатлы жайларға қолқатылмаслық сезими артып, басқарыў уйымынан керекли хызметлерди талап етиў, жумысын баҳалаў процесинде белсене қатнасыў мәденияты қәлиплеспекте.

«Көп квартиралы жайларды басқарыў ҳаққында»ғы нызамға муўапық көп квартиралы жайды басқарыў усылы ондағы жайлар мүлк ийелериниң улыўма мәжилисинде, халықтың келисими  тийкарында белгиленеди.

Сонлықтан,  Қурылыс ҳәм турақжай коммуналлық хожалығы министрлиги халық тәрепинен тән алынып  киятырған басқарыў уйымларының жумысына тийкарсыз араласыў нызамшылықта белгиленген тәртипте жуўапкершиликке себеп болатуғынын ескертеди.

Ш.Маматуропова, ӨзА