Банклерди санациялаў ҳәм сапластырыў механизмлери белгиленбекте

257

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде «Банклерди санациялаў ҳәм сапластырыў ҳаққында»ғы нызам жойбары екинши оқыўда статьяма-статья көрип шығылды.

– Ҳәзирги күнде банк системасын базар механизмлери тийкарында жетилистириў бағдарындағы жумыслар менен бирге, әҳмийетке ийе банклерде пайда болатуғын қаржы турақсызлығы жағдайларының банк системасына унамсыз тәсириниң алдын алыў арқалы мәмлекетте қаржылай турақлылықты тәмийинлеўдиң ҳуқықый тийкарларын жаратыў зәрүрлиги де артып бармақта,-деди депутат М.Қурбонбоев. – Соның ушын бул нызам жойбары менен банклерди санациялаў ҳәм сапластырыўға байланыслы қатнасықларды тәртипке салыў, банклердиң экономика ушын әҳмийетли болған ўазыйпалары ҳәм хызметлериниң үзликсизлигин тәмийинлеў, аманатшылар ҳәм кредиторлардың мәплерин қорғаў ҳәм бул арқалы қаржы ҳәм банк системасының турақлылығын тәмийинлеўде санация қуралларынан нәтийжели пайдаланыўға байланыслы ҳуқықый тийкарлар енгизилмекте.

Буннан тысқары, жойбарда Орайлық банк банклерди санациялаў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйым сыпатында белгиленбекте, оған санациялаў бойынша ўәкилликлер берилиўи нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, банклерди санациялаўда пайдаланылатуғын қураллар, санациялаўдан нәзерде тутылған тийкарғы мақсетлер, банклерди еркин ҳәм мәжбүрий сапластырыў бойынша қағыйдалар белгиленбекте. Аманатшылар ҳәм кредиторлардың мәплерин қорғаў, банклердиң бюджет қаржыларына ғәрезлилигин азайтыў, қарыйдарлардың банк системасына исенимин арттырыў нәзерде тутылмақта.

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы