Енди фермерлер мәўсим даўамында кепилленген көлемде суў алыў имканиятына ийе болады

Мүнәсибет
Өзбекстанда кейинги жыллары жер ҳәм суў қатнасықларын жақсылаў, агробизнес ушын қолайлы шараятлар жаратыў, кооперацияның раўажланыўын қоллап-қуўатлаў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта.
Тараўға базар механизмлерин енгизиў, мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиўге қаратылған реформалар исленбекте. Илимий жетискенликлерден нәтийжели пайдаланыў ҳәм кадрлардың потенциалын жақсылаў жумыслары болса анық илажларға тийкарланған.
Бул БМШ Бас Ассамблеясының 2030-жылға шекемги дәўирде Турақлы раўажланыў тараўындағы резолюциясы ҳәм бул ҳүжжеттиң екинши мақсети – азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеў, аўқатланыў рационын жақсылаў ҳәм аграр тараўды турақлы раўажландырыўға жәрдем бериў бағдарындағы мақсет ҳәм ўазыйпаларға үнлес екенлиги менен әҳмийетли болып есапланады.
Президенттиң 2019-жыл 23-октябрьде «Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди. Бул ҳүжжет шеңберинде аўыл хожалығын реформалаў, тараўда мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириў, базар қатнасықларын кеңнен енгизиў, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўши, қайта ислеўши ҳәм сатыўшы субъектлер арасындағы қатнасықлардың ҳуқықый тийкарын беккемлеўге қаратылған бир қатар ҳуқықый тийкарлар жаратылды.
Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 3-февраль күни қабыл етилген «Аўыл хожалығы егислик майданларының өнимдарлығын арттырыў, тармаққа инвестициялар тартыў ушын қолайлы шараят жаратыў бойынша гезектеги илажлар ҳаққында»ғы пәрманы менен болса бул тараўдағы жумыслардың көлемин жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылған бир қатар әҳмийетли бағдарлар белгилеп берилди.
Соның ишинде, пәрманда жер участкаларын ажыратыўдың ҳәмме ушын тең, ашық-айдын ҳәм базар принциплерине тийкарланған тәртибин және де жетилистириўге байланыслы анық ўазыйпалар киргизилди. Соның менен бирге, аўыл хожалығы тараўына инвестицияларды кеңнен тартыў арқалы пахта ҳәм ғәлледен қысқартылып атырған жер майданларында жоқары қосымша қунға ийе ҳәм экспортқа жарамлы аўыл хожалығы егинлерин жетистириўди көбейтиў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў бойынша анық илажлар белгиленген.
Атап айтқанда, енди жер участкалары контурларының пүтинлиги ҳәм суўғарыў системасы бузылмаған ҳалда 3 гектардан 50 гектарға шекемги өлшемлерде «E-auksion» саўда платформасында электрон онлайн аукцион саўдаларына шығарылады. Бул әмелият жер менен тиллесиў ҳәм фермерлик жумысына қызыққан көплеген инсанлар ушын жаңа имканиятларды жаратып береди.
Ҳәзир көпшиликте дийқан ҳәм фермерлик жумысына қызығыўшылық болса да, тәжирийбеси, экономикалық ҳәм социаллық имканиятынан келип шығып үлкен жер майданларын алып өз жумысларын жолға қойыўға екиленер еди. Енди ҳәр бир инсан имканиятынан келип шыққан ҳалда электрон онлайн аукцион саўдаларына қатнасып өзи ушын жетерли деп билген жерге ийе болыўы мүмкин.
Сондай-ақ, пәрман менен қорғаў зонасынан тысқары болған атыз шетинде атызында 20 сотихтан көп болмаған аймақта аўыл хожалығына хызмет көрсетиўши жеңил конструкциялы музлатқыш қоймаханалар, таңлаў, қадақлаў орынлары, суў үнемлеўши технологиялар, атыз сарайы, техника парки сыяқлы объектлерди жайластырыўға да руқсат берилмекте. Бул болса фермер ҳәм дийқанларға, әсиресе, атыз сарайларында мәўсим даўамында өз шаңарағы менен жасап шарўа маллары, қус сыяқлы ҳайўанларды бағыў арқалы қосымша дәрамат алыў имканиятын да арттырады.
Қалаберди, жаңа система шеңберинде электрон онлайн аукцион жеңимпазы жер участкасынан 49 жыл ижара ҳуқықы тийкарында пайдаланыў, кейин ала ижара мүддетин нызамшылыққа муўапық өзгерислер, аўыл хожалығы егинлериниң түрлери, сортлары ҳәм көлемлерин, сондай-ақ, оларды жетистириў ҳәм агротехникалық илажларды өткериў усылларын өзи еркин түрде белгилеў, соның ишинде, пахта ҳәм ғәлле егинлерин тек өзи мақул деп есаплаған жағдайда ғана жетистириў ҳуқықына ийе болмақта.
Сыр емес айырым реформалардан хабарсыз қостырнақ ишиндеги басшылардың жумысқа артықша араласыўы ақыбетинде бир ўақытлары фекрмерлер өзлери қәлемеген егин түрлерин егиўге ҳәм нәтийжеде экономикалық шығынларға дус келмекте. Пәрманда белгиленген ҳуқықлар арқалы енди олар еркин түрде өзлери сәйкес деп билген егин түрлерин егип өсиреди.
Соның менен бирге, жер ийелери Жер кодексине муўапық ижара шәртнамасы бойынша өз ҳуқықлары ҳәм миннетлемелерин тегинге ямаса ҳақы орнына ижара мүддети даўамында басқа шахсқа өткериў, жер участкасын екилемши ижараға бериў ҳуқықларына да ийе болмақта.
Және бир әҳмийетли өзгерис, жыллық суў жеткерип бериў лимитлериниң ең төмен ҳәм ең жоқары дәрежеси шеңберинде кепилленген көлемде суў алыў, бул миннетлеме орынланбаған жағдайларда жеткерилген зыянларды талап етип алыў ҳуқықы да кепилленбекте. Бул арқалы өз жери қурамынан жақсы хабардар болған тәжирийбели дийқанларға ҳеш бир екилениўсиз қәлеген өнимди мәўсимге қарамастан жетистириўди кепиллейди.
Улыўма алғанда, фермер, дийқан ҳәм жер ийелерине усы сыяқлы ҳуқықлардың кепилленип берилиўи, келешекте жоқары қосымша қунлы өнимлерди ислеп шығарыў көлемин бир ярым есе ҳәм экспорт көрсеткишлерин еки есеге арттырыў арқалы, тек мәмлекетимизде емес, ал регионда азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў имканиятын береди.
Дилрабо ХОЛБОЕВА,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының
Аграр ҳәм суў хожалығы
Мәселелери комитети баслығының орынбасары.
ӨзА