«Adliya mahalla» ҳәм «Onlayn mahalla» платформасы арқалы 336 мың пуқараға бийпул ҳуқықый жәрдем көрсетилди

346

Әдиллик министрлиги тәрепинен 2024-жылы 2 мың 93 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары ҳуқықый экспертизадан өткерилип, министрликтиң басламасы менен 286 жойбар ислеп шығылды.

Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы көрсетилетуғын 70 тен артық жаңа түрдеги хызметлер енгизилип, олардың жәми саны 409ға жеткерилди. 144 хызмет әпиўайыластырылды. 13 лицензия, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртиби бийкар етилди.

Бизнести қоллап-қуўатлаў ҳәм оны шөлкемлестириўде жеңиллик жаратыў мақсетинде 3 айға шекемги «өтиў ҳәм бейимлесиў дәўири»н белгилейтуғын «Бизнеске лицензиясыз кириў» (Zero Licensing) арнаўлы режими эксперимент  түринде енгизилди.

Бул Әдиллик министрлигиниң 2024-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар, жол қойылған кемшиликлер ҳәм келешектеги ўазыйпаларды додалаўға бағышланған коллегия мәжилисинде атап өтилди.

«Adliya mahalla» ҳәм «Onlayn mahalla» платформасы арқалы халықтың 203 мыңнан артық ҳуқықый машқалалары қабыл етилип, соннан 176 мыңнан асламы ямаса 87 проценти шешилди. 336 мың пуқараға басланғыш ҳуқықый жәрдем бийпул көрсетилип, 10 мыңнан артық процессуал ҳүжжет жойбарлары таярлап берилди. Орынларда 420 мыңнан аслам ҳуқықый үгит-нәсиятлаў илажы өткерилди.

Ҳуқықый мәлимлемени жеткериў санластырылып, барлық нызамшылық ҳүжжетлерин Бирден-бир ҳуқықый мәлимлеме алмасыў системасы арқалы мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге, мәҳәллелерге жеткериў жолға қойылды.

Келип түскен 270 мың мүрәжаттиң 88 проценти нызамлы шешилди. Юридикалық хызмет көрсетиў орайлары тәрепинен 21 мыңнан артық мәмлекетлик шөлкемниң 8,4 миллионнан аслам ҳүжжет жойбарына ҳуқықый жуўмақ берилди.

10 түрдеги нотариал ҳәрекетлерди видеоконференцбайланыс арқалы рәсмийлестириў жолға қойылып, 74 мыңнан аслам нотариал ҳәрекет онлайн әмелге асырылды. 21 мың 573 интеллектуаллық мүлк объекти мәмлекетлик дизимнен өткерилди.

Дизимге алынған товар белгилери, ойлап табыў, пайдалы модел ҳәм селекция жетискенликлери бойынша айрықша рейтинг қәлиплестирилип, ғалаба хабар қуралларында жәрияланды.

Бундай жумыслардың нәтийжесинде Өзбекстан 24 жылдан соң АҚШ Саўда ўәкиллигиниң «Бақлаўдағы мәмлекетлер» дизиминен шығарылды.

Х.Сулаймонова атындағы Республикалық суд-экспертиза орайы структурасы жетилистирилип, орайдың аймақлық бөлимлеринде қосымша 12 жаңа экспертиза түрлери жолға қойылды.

Мәжилисте тараўда айырым машқалалар бар екенлиги, соның ишинде, мүрәжатлер менен ислесиўде айырым басшылардың исенимсизлиги ҳәм ҳуқықты қолланыў тараўындағы машқалаларды шешиўде системалы қатнастағы кемшиликлер бар екенлиги атап өтилди.

Әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелериниң басшы ҳәм жуўапкер хызметкерлери қатнасқан мәжилис соңында бир қатар ўазыйпалар белгилеп алынды.

Н.Абдураимова,

ӨзА