Шарўашылық ҳәм қусшылықты қоллап-қуўатлаў бағдарындағы реформалар жаңа басқышта

Жаңа пәрман ҳәм қарар
Мал бағып, хожалығына берекет киргизетуғынлар жанлыққа қарайды. Жеми ҳәм орны жақсы, бирақ мал нәсилли болмаса шарўаның көп ўақыты зая кетеди. Қәрежет болады, бирақ дәрамат табыў оған сәйкес келмейди.
Соның ушын аўылларда кимниңдир сыйыры сүтли болса, бузаўы үлкен болмастан алдын ийеси табылады. Базарларда жайлаўға байланса тез ет жыйнайтуғын өгизшениң басқаларына қарағанда бир-еки сум қымбат сатылыўының себеби де усында.
Нәсили жақсы мал бир шаңарақ ушын қаншелли әҳмийетли екенлигин ойлап, мәселениң мәмлекет көлеминдеги әҳмийетиниң қаншелли актуаллығын көз алдымызға келтириў қыйын емес. Демек, тармақта азық-аўқат резерви ҳәм нәсилшилиги экономикалық өсиў, ел дастурханының молшылығына байланыслы нәрсе.
Усы жерде айырым санларға тоқтап өтиў орынлы. Мәмлекетимизде өткен жылы шарўашылық ҳәм оның тармақларын раўажландырыў ушын улыўма баҳасы 5 триллион 800 миллиард сумлық 1 мың 300 ден артық жойбар әмелге асырылды. Оның нәтийжесинде өним ислеп шығарыў көлеми артып, 240 мыңнан аслам турақлы ҳәм мәўсимлик жумыс орынлары жаратылды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 30-январьда «Жайлаўларды қорғаў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыўдың заманагөй механизмлерин енгизиў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм «Шарўашылық ҳәм қусшылықты қоллап-қуўатлаў, тараўда жоқары қосымша қун жаратыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Бул ҳүжжетлер мәмлекетте жайлаў хожалығын раўажландырыўды жаңа басқышқа алып шығыў, тараўда басқарыўдың ықшам ҳәм нәтийжели системасын енгизиў, шарўашылық хожалықларының жер участкаларына болған ҳуқықларын көрсетип өтиў бағдарындағы мәселелерди шешиўде үлкен әҳмийетке ийе.
Сондай-ақ, ишки базарларға сапалы, арзан шарўа ҳәм қус өнимлерин үзликсиз жеткерип бериў, өндирис қуўатлықларын кеңейтиў ҳәм усы бағдарлардағы хожалықларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў нәтийжелилигин арттырыўда өзине тән бағдарлама болады.
– Пәрман менен усы жылдың ақырына шекем жайлаў жерлери хатлаўдан өткерилип, олардың әмелдеги ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткерилген майданы өз-ара муўапық болыўын тәмийинлеў илажлары көриледи,-дейди Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң баслығы Баҳром Норқобилов. – Жайлаў жерлеринен нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў, оларды қорғаў, қаракөлшилик, тери ҳәм жүн санааты тараўларын және де раўажландырыў бойынша республикалық комиссия шөлкемлестирилетуғыны белгиленди. Бул комиссияға бир қатар ўазыйпалар қойылған. Буннан тысқары, тийисли министрликлер менен биргеликте усы жылдың 1-декабрине шекем жайлаўлардан нәтийжели пайдаланыўды нәзерде тутыўшы «E-yaylov» электрон платформасы иске қосылады. 2025-2027-жыллары геоботаникалық изертлеўлер әмелге асырылып, қайта баҳалаў ҳәм жерлердиң ҳақыйқый нормативлик баҳасы анықланады. Онда жайлаў жерлериниң контурлар ҳәм пайдаланыўшылар кесиминдеги электрон карталары ислеп шығылып, Аўыл хожалығы министрлигиниң бирден-бир геомәлимлеме системасын киргизиледи.
Республикалық комиссия белгили бир жылларға мөлшерленген жайлаў жерлерин деградациядан шығарыў ҳәм олардан турақлы пайдаланыўды тәмийинлеў бойынша миллий бағдарламаны тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизеди. Онда жайлаўлардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў, сақлаў ҳәм тәкирар көбейтиў мақсетинде жайлаў алмасыўын тәмийинлеў мәселеси де нәзерде тутылады. Сондай-ақ, жер ийелери тәрепинен жайлаўларда баҳалы азықлық өсимлик түрлерин егиўди шөлкемлестириўге итибар қаратылады.
Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлердиң ижара ҳуқықын аукцион арқалы сатыўдан түскен түсимниң бир бөлегин өсимликлерди химиялық ҳәм биологиялық қайта ислеў, өсимликлерди қорғаў, азық-аўқатқа қолайлы өсимликлерди жетистириў ҳәм жайлаў деградациясының алдын алыў илажларына бағдарлаў системасы енгизиледи.
Президенттиң жаңа қарары менен тараўдың раўажланыўы ушын енгизилип атырған айырым имканият ҳәм қолайлықларға да тоқтап өтемиз.
Усы жылдың 1-апрелинен 2028-жылдың 1-январына шекем шарўашылық ҳәм қусшылық хожалықлары тәрепинен Мәмлекетлик бюджетке төленген қосымша қун салығының 50 процентин ҳәр айдың 25-сәнесине шекем қайтарыў тәртиби енгизиледи. Онда бул тәртип ислеп шығарылған гөш, сүт, қус гөши ҳәм мәйекти реализациялаўдан түскен улыўма түсим жәми товарларды реализациялаўдан алған дәраматының кеминде 90 процентин қурайтуғын шарўашылық ҳәм қусшылық хожалықларына қолланылады.
Қарар менен жылдың ақырына шекем 3 миллион 200 тонна тири салмақтағы гөш, 13 миллион 200 тонна сүт өнимлерин алыў режеси белгиленди. Сондай-ақ, қус гөшин 1 миллион тоннаға, мәйекти болса 10 миллиард 500 миллион данаға жеткериў ўазыйпасы қойылды.
Енди қусшылық тараўында халықтың шаңарақлары менен кооперация тийкарында ислесиў системасы қаржыландырылады. Оның ушын Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының 50 миллион доллар муғдарындағы қаржылары тийисли банктиң устав капиталын арттырыўға бағдарланады. Усы қаржылар есабынан республиканың барлық аймақларында қусшылықтың гөш ҳәм мәйек бағдарында кооперация системасы тийкарында 1 миллион халықты жумыс пенен тәмийинлеў бойынша «Қус бағыў-дәрамат табыў» жойбары әмелге асырылады.
Тараў және де раўажланыўы ушын қосымша қоллап-қуўатлаў керек болады. Усы өзгешелик инабатқа алынып, қарарда нәсилшилик кәрханалары ушын олардың тийкарғы жумыс түри бойынша пайда салығы, мүлк салығы, жер салығы ҳәм суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салықларды 50 процент азайтылған ставкада төлеў түриндеги салық жеңилликлериниң әмел етиў мүддети 2028-жыл 1-январьға шекем создырылды.
Өткен жылы шарўашылық ҳәм оның тармақларын раўажландырыўға байланыслы жойбарлар шеңберинде сырт елден нәсилли 296 мың бас қарамал, 333 мың 500 бас қой-ешки алып келинген. Бундай илажлар тармақта гөш ҳәм сүт өнимлерин ислеп шығарыў көлемин арттырыўға хызмет етеди.
Қарарда бул тәрепи айрықша инабатқа алынып, шарўашылық ҳайўанлары, соның ишинде, қарамал, қой-ешкилер ҳәм нәсилли атлардың эмбрионларын таярлаў ушын ветеринария дәри қуралларын, ветеринария лаборатория тексериўлеринде қолланатуғын диагноз тест системаларын алып кириўде жеңилликлер берилмекте. Атап айтқанда, бундай қуралларды дизимнен өткериў ҳәм дизимнен өткергенлик гүўалығын бериўде көрсетилетуғын төлемли хызмет ушын ҳақы өндириў бийкар етилди.
Нәсилшилик хожалықларына жеңилликлер бериў бойынша анық илажлар белгилеп берилди. Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде 1 мың 900 шарўашылық-нәсилшилик хожалықлары жумыс алып барып атырған болса, жылдың ақырына шекем олардың санын 3 мыңға жеткериў режелестирилген.
Алып барылып атырған бундай жумыслар себепли республикамызда нәсили жақсыланған қарамаллардың салмағы жетпис еки процентке жетти. Оның нәтийжеси орынларда тез салмақ алатуғын ҳәм сүтли шарўа маллары көбейип атырғанында көринеди.
Икром АВВАЛБОЕВ,
ӨзАның хабаршысы