Өзбекстан ҳәм Түркия қалалары арасындағы бирге ислесиў жаңа басқышқа шықпақта

Бурын хабар етилгениндей, Өзбекстан делегациясы әмелий сапар менен Түркия мәмлекетинде болып тур.
Сапар барысында «Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекетиниң баслығы Бабур Бекмуродов ҳәм Түркияның Селжуклу районы мэри Ахмет Пекятирмачи арасында ушырасыў өткерилди. Онда тәреплер муниципиал хызметлердиң сапасын арттырыў ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиўдиң перспективалары бойынша әҳмийетли мәселелерди додалады.

Илаж шеңберинде муниципал хызметлердиң тәсиршеңлиги ҳәм нәтийжелилиги темасында презентация өткерилди. Түркия тәрепи заманагөй қала басқармасы усыллары, хызметлерди санластырыў, инфраструктураны жақсылаў ҳәм пуқаралардың турмыс дәрежесин арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратты.
– Биз ҳәр қыйлы тараўларда бирге ислесиўимиз ушын үлкен потенциал бар екениниң гүўасы болмақтамыз. Тәжирийбе алмасыў менен шекленип қалмай, аймақларымыздың турақлы раўажланыўына қаратылған биргеликтеги басламаларды ислеп шығыў әҳмийетли, – деди Бобур Бекмуродов.
Усы күнниң өзинде басқарма ўәкиллери ҳәм бизнес топарлары менен сөйлесиўлер өткерилди. Додалаўлар даўамында саўда-экономикалық бирге ислесиў, инвестициялық шериклик ҳәм мәдений байланысларды раўажландырыў мәселелери күн тәртибине шықты.

– Бул ушырасыў қалаларымыз арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў, биргеликтеги жойбарларды ислеп шығыў ҳәм алдыңғы тәжирийбелерди алмасыў жағынан оғада нәтийжели болды. Дослық байланысларымызды буннан былай да беккемлеўге хызмет еткен бул әҳмийетли сапар ушын мийманларымызға миннетдаршылық билдиремен. Шериклигимиз еле де кеңейиўди даўам ететуғынына беккем исенемен, – деди Ахмет Пекятирмачи.
Сапар етиў даўамында Өзбекстан делегациясы дыққатқа ылайық объектлерди көзден өткерди, елатлы пунктлерде турмыс сапасын жақсылаўға қаратылған басламалар менен танысты. Сондай-ақ, Селжуклу тәжирийбеси мысалында қәнигелик арттырыў бағдарламасы қатнасыўшыларына шығындыларды қайта ислеўдиң нәтийжели технологияларын енгизиў ҳәм қайта тикленетуғын энергия дереклеринен пайдаланыў процесслери ҳаққында мағлыўмат берилди. Каратай муниципалитетинде иске түсирилген арзан турақ жай бағдарламасының жойбары менен таныстырыў илажы өткерилди.
Делегацияның әмелий сапары даўам етпекте.
Н.Зиёдуллаева,
ӨзА