Фармацевтика өнимлериниң қәўипсизлиги орайы ISO 9001:2015 стандарты бойынша сапа менеджменти системасы сертификатларына ийе болды

263

Фармацевтика өнимлериниң қәўипсизлиги орайында усы мүнәсибет пенен  илаж шөлкемлестирилип, бул мәкемеге ISO 9001:2015 халықаралық  стандарт енгизилгени мүнәсибети менен Өзбекстан, Уллы Британия, Россия сертификатлаўшы  уйымларының сапа менеджменти системасының сертификатлары тапсырылды.

Орай баспасөз хызметиниң хабарында атап өтилгениндей, бул табысқа өз-өзинен ерисилгени жоқа. Оның ушын, бәринен бурын, орай жумысына сапа менеджменти системасы халықаралық стандартлар тийкарында енгизилди. Ишки процесслер жетистирилип, заманагөй басқарыў механизмлери  енгизилди. Инновациялық процесс ҳәм технологиялық жаңаланыўлар тийкарында  тексериў ҳәм  экспертиза процесслери оптималластырылды. Өз гезегинде, орай қәнигелери усы стандарт бойынша маманлығын арттырып, квалификациясын және де беккемледи.

– Бул нәтийже Өзбекстан фармацевтика секторындағы реформалардың және бир әмелий нәтийжеси болып, орайдың жумысын халықаралық стандартларға муўапықластырыў бойынша әҳмийетли қәдем есапланады, – деди денсаўлықты сақлаў  министриниң орынбасары Фаррух Шарипов. – Қалаберди, оның исенимли  бирге ислесиўши сыпатындағы абырайын және де беккемлеў бағдарында, фармацевтика өнимлериниң қәўипсизлигин кепилликлеў ҳәм қадағалаў  механизмлерин жетилистириўге хызмет етеди.

Моҳигул Қосимова, ӨзА