Енди суд қандай жағдайда шаңарақлық ажырасыўда жарасыў ушын мәўлет бермеўи мүмкин?

458

«Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам менен Шаңарақ кодекси, Турақ жай кодекси, сондай-ақ, «Ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын теңдей ҳуқықлар ҳәм имканиятлардың кепилликлери ҳаққында»ғы нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Нызамда шаңарақлық (турмыслық) зорлықтан жәбир көргенлердиң ҳуқықларын қорғаўды буннан былай да күшейтиў ҳәм бундай жағдайлар тәкирарланыўының алдын алыўға қаратылған нормалар нәзерде тутылмақта.

Сенаттың Жаслар, ҳаял-қызлар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң мәжилисинде бул нызам додаланып, некеден ажырастырыў ҳаққындағы ислер көрип шығылып атырғанда суд шаңарақлық (турмыслық) зорлық жынаятынан жәбирленген адамның талабына бола жарасыў ушын мәўлет тайынланбаўы белгиленип атырғаны атап өтилди.

Некеден ажырастырыў мәселеси өз ўақтында шешилмеўи айырым жағдайларда ҳаяллардың өз жанына қастыянлық етиўи, мезгилсиз өлими сыяқлы аянышлы ақыбетлерди келтирип шығармақта.

Бул норманың әмелиятқа енгизилиўи турақлы түрде басым ҳәм зорлық жағдайлары болатуғын тынышсыз шаңарақларда аўыр жынаятлар жүз бериўиниң алдын алады.

Нызам менен Турақ жай кодексине қосымшалар киргизилип, турақ жайлардан пайдаланыў ҳаққындағы келиспеўшиликлер қарап шығылып атырғанда суд тәреплердиң келисимине тийкарланып мүлк ийесиниң басламасы менен турақ жайға мәжбүрий тәртипте киргизилип атырған тәрепти мүлк ийесине тийисли сәйкес шараятларға ийе болған басқа турақ жайға киргизиў ямаса ижараға алынған турақ жайлар ушын ижара ҳақысын төлеў миннетлемесин мүлк ийесине жүклеўи мүмкин екени нәзерде тутылмақта.

Нызамның қабыл етилиўи ҳаял-қызлардың ҳуқықларын буннан былай да беккемлеўге, олардың турақ жай мәселелерин нызамлы шешиўге хызмет етеди.

Сенаторлар, министрлик ҳәм уйымлардың жуўпакерлери, экспертлер, сондай-ақ,  аймақлардан жергиликли кеңеслердиң Жаслар сиясаты, мәденият ҳәм спорт мәселелери комиссиялары және Жаслар парламенти ағзалары қатнасқан мәжилисте  тийисли қарар қабыл етилди.

Н.Абудураимова,

ӨзА