Билимлендириў глобал өзгерислерге қалай бейимлеседи?

Бирлескен Араб Әмирликлериниң Дубай қаласында болып өтип атырған Пүткил жер жүзилик ҳүкимети саммити (World Government Summit) халықаралық әнжуманы шеңберинде «Future of Education» форумы шөлкемлестирилди.
Онда «Билимлендириў глобал өзгерислерге қалай бейимлеседи?» темасындағы министрлер панель додалаўы өткерилди. Илажда санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов қатнасты.
Панель сессияда глобал өзгерислер шараятында билимлендириў системасын раўажландырыў, санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллекттен пайдаланыў, сондай-ақ, келешек кәсиплерге сәйкес кадрлар таярлаў мәселелери додаланды.

Министр Шерзод Шерматов өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстанда әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳаққында сөз етип, билимлендириў системасын мийнет базары талапларына бейимлестириўге айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтти.
Сондай-ақ, Өзбекстан ҳүкимети билимлендириўде мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў, IT тараўындағы маман кадрлар таярлаўға ҳәм жасларды заманагөй кәсиплерге бағдарлаўға үлкен итибар қаратып атырғаны атап өтилди.
Илаж даўамында түрли мәмлекетлердиң ўәкиллери билимлендириў тараўында өз тәжирийбелери менен ортақласып, заманагөй технологиялар жәрдеминде билимлендириўдиң сапасын арттырыў бойынша пикир алысты.
Н.Раҳманова, ӨзА