Ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў тийкарғы ўазыйпа

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 3-январьда «2025-жылы республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин және де арттырыў бойынша илажлар ҳаққында»ғы қарар қабыл етилди.
Усы қарар менен Өзбекстан Республикасының «Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳаққында»ғы нызамы ҳәм Өзбекстан Республикасы Жәмийетлик қәўипсизлик концепциясы белгиленди.
Нәтийжеде жуўапкер уйымлар, мәкемелер ушын 2025-жылы «Ҳәр бир мәҳәлледе ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў» тийкарғы ўазыйпа сыпатында атап өтилди.
Сондай-ақ, 2025-жылы республика мәҳәллелеринде қәўипсиз оталық жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў бойынша мәнзилли илажлар бағдарламасы, криминоген жағдайды турақластырыў ҳәм ўәлаят, район (қала) ҳәм мәҳәлле дәрежесинде ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў профилактикасын тәмийинлеў бойынша мәнзилли илажлардың үлги «жол картасы» тастыйықланды.
Буннан тысқары, «жол карталары»ның орынланыўын системалы қадағалап барыў мақсетинде Бас прокуратура жанында 2025-жыл даўамында турақлы жумыс ислейтуғын Республикалық уйымлараралық муўапықластырыў жумысшы топары дүзилди.
Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша республикалық уйымлараралық комиссияның бирден-бир муўапықластырыўшы уйым етип белгиленген.
Ҳуқықбузарлықлардың пайда болыўы нәтийжесинде шахс, жәмийет ҳәм мәмлекетке зыян жеткерилип, усы зыянлы элемент, физикалық яки руўхый көринислерде болыўы мүмкин.
Өзбекстан Республикасының «Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳаққында»ғы нызамның 3-статьясында тийкарғы түсиниклер келтирилген болып, ҳуқықбузарлық- пайда болғаны ушын ҳәкимшилик яки жынайый жуўапкершилик нәзерде тутылған айыплы ҳуқыққа қарсы қылмыс (ҳәрекет яки ҳәрекетсизлик) сыпатында сыпатланады.
Прокуратура уйымлары ҳуқықбузарлықлар профилактикасын тиккелей әмелге асырыўшы ҳәм онда қатнасыўшы басқа уйымлар ҳәм мәкемелер менен өз-ара бирге ислеседи.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 18-апрельдеги «Социаллық-экономикалық реформаларды әмелге асырыў, мәмлекетти модернизациялаў, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлеўде прокуратура уйымларының роин күшейтиў ҳаққында»ғы пәрманында жәмийетте нызамшылықты беккемлеў, демократиялық, социаллық-экономикалық реформаларды жүзеге шығарыўға, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўға қаратылған нызамлардың сөзсиз орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырыў арқалы «Халық мәплерине хызмет етиў» прокуратура уйымларының тийкарғы ўазыйпасы етип белгиленди.
Онда профилактика, әсиресе жас өспиримлер ҳәм жаслар арасындағы илажлардың тәсиршеңлиги, ҳуқықбузарлықлар пайда болыўының себеп ҳәм шараятларын өз ўақтында анықлаў, сапластырыўға айрықша итибар қаратылыўы керек.
Ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў ушын барлық ҳуқық қорғаў уйымларының имканиятлары ҳәм қуралларынан кеңнен пайдаланыў әҳмийетли. Соның ишинде, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм профилактика ислеў жумысының тийкарғы бағдарларын белгилеп алыў, нәтийжели жумыс бойынша бирден-бир методикалық усынысларды ислеп шығыў оғада әҳмийетли.
Бул болса илажлардың орынланыўы нәтийжелилигин және де арттырыўға хызмет етеди.
ӨзА