Инновациялық раўажланыў агентлиги Арал теңизиниң қурыған ултаны экосистемасын тиклеўде ICBA менен бирге ислеседи

272

Усы күнлерде Инновациялық  раўажланыў агентлигиниң директоры  Шароф Ражаббоев басшылығындағы делегация  хызмет сапары  менен Бирлескен Араб Әмирликлериниң Дубай қаласында болып турыпты.

Сапар ўақтында делегация ҳәм Шорланыў шараятында биодийқаншылық халықаралық орайы (ICBA) баслығы Тарифа Алзааби арасында ушырасыў өткерилди. Онда тәреплер өз-ара  бирге ислесиў перспективалары  бойынша пикир алысты.

Соң Инновациялық раўажланыў агентлиги ҳәм ICBA арасында келисим меморандумына қол қойылды.

Оған бола, тәреплер илимий ҳәм илимий-техникалық материаллар, басылымлар ҳәм басқа тийисли мағлыўматлардың алмасыўын  жолға қояды. Сондай-ақ, өзбестанлы жас илимпазлар ҳәм изертлеўшилер ушын  илимий стажировкалар шөлкемлестириледи.

Атап өтилгениндей, ICBA 1999-жылы шөлкемлестирилген халықаралық коммерциялық емес  аўыл хожалығы изертлеў орайы болып, ҳүкиметлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳәм изертлеў институтлары менен бирге ислеседи. ICBA шорланған жерлерге ийе аймақларда аўыл хожалығының турақлылығын арттырыўда әҳмийетли роль атқарады  ҳәм глобал азық-аўқат қәўипсизлигин жақсылаўға үлес қосады. Бүгинги күнде орай изертлеўлери 30 дан аслам мәмлекетте қолланылмақта.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер келисим меморандумы тийкарында бирге ислесиў қатнасықларын беккемлеўге келисип алды.

Агентлик мәлимлеме хызметине бола, сапар даўамында делегация ICBAның тәжирийбе майданларында әмелге асырылған изертлеўлер, БАӘдеги топырақ музейи ҳәм шорланыўға шыдамлы өсимликлер генбанки жумысы менен де жақыннан танысты.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА