Сыртқы дипломатия

402

Оман Патшалығындағы елшимиз Абдусалом Ҳоматов усы араб мәмлекетиниң мәденият, спорт ҳәм жаслар ислери бойынша министриниң орынбасары Саййид Султан Ал-Бусайдий менен ушырасты. Сөйлесиў даўмаында ҳәр еки мәмлекетте бир қатар мәдений  илажлар шөлкемлестириў  мәселеси додаланды.

Миллий банктиң атқарыўшы директоры Абдуллоҳ бин Заҳрон Ал-Хиноий менен ушырасыўда  болса Өзбекстан менен Оман банклери арасында өз-ара  пайдалы қатнасықлар орнатыў имканияты талланды.

Қатардың  жетекши туристлик агентликлери менен бирге ислесиўди жолға қойыў мақсетиндеги ҳәрекетлерди даўам еттирер екен, Доҳадағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшимиз Ашраф Хўжаев «Rayan Travel & Tours» ҳәм «Mosafer Travel & Tourism» компанияларының бас менеджерлери Зоҳир Юсуф ҳәм Фирос Натту менен ушырасты. Елимизге келген қатарлы туристлердиң қызығыўшылығы  ҳәм тилегине бейимлестирилген ҳәр түрли хызметлер, қосымша  қолайлықлар жаратыў бағдарындағы кең көлемли жумыслар ҳаққында күтип алыўшыларға толық мағлыўмат берилди.

Японияда да Әлийшер Наўайы туўылған күниниң 584 жыллығы кеңнен белгиленди. Соның ишинде, Сока университети аймағында жайласқан Әлийшер Наўайының естелигине гүл қойылды.

Бул естелик өзбек ҳәм япон халықлары арасындағы тарийхый дослық байланысларының тымсалы болып есапланады.

Токиодағы елшимиз Муҳсинҳўжа Абдураҳмонов ректор Сузуки Масаши менен бирге ислесиўдиң  ҳәзирги жағдайы ҳәм преспективасы бойынша сөйлесип, қатнасықларды  және де кеңейтиўге  келисип алды.

Сондай-ақ, елшиханада япон туристлериниң ағымын арттырыў мақсетинде Өзбекстанның бай туризм потенциалы, сырт еллилер ушын жаратылған қолайлы шараятлар , инфраструктура  ҳәм мийманханалар ҳаққында презентация илажы өткерилди.

Ҳиндстан.  Делидеги елшимиз Сардор Рустамбоев Самарқанд ўәлаяты ҳәкиминиң ўазыйпасын атқарыўшы Адиз Бобоев пенен онлайн сөйлесиў шөлкемлестирип, түрли бағдарлардағы  қатнасықларды және де раўажландырыў, жаңа қосымша жойбарларды әмелге  асырыў, экспорт көлемин кеңейтиў, бизнес-форумлар өткериў мәселелерин додалады.

Франция. Елши Нодир Ғаниев Париж қаласы мэри сиясий кеңесгөйи Жан-Ив Камю ҳәм Бас делегаттың халықаралық қатнасықлар бойынша орынбасары Бенуа Герцбрун менен жумыс бабында ушырасыў шөлкемлестирди. Күн тәртибинен Ташкент ҳәм Париж қатнасықларын беккемлеў мәселеси орын алды.

АҚШтағы елшимиз Фурқат Сиддиқов Мәмлекетлик хаткер жәрдемшисиниң орынбасары Жон Марк Поммершайм менен ушырасып, еки тәреплеме кеңейтилген стратегиялық бирге ислесиўдиң  барлық бағдарларын ҳәр тәреплеме додалады. Өз-ара пайдалы шерикликти беккемлеў, бар басламаларды және де раўажландырыў, жаңа имканиятлар жаратыў  бойынша пикир алысылды.

Муҳарамма Пирматова, ӨзА