Өзбекстан көплеген мәмлекетлер менен халықаралық автомобиль тасыўлары тараўында бирге ислесиўди раўажландырып келмекте.

Транспорт министрлигинде Халықаралық автомобиль тасыўлар мәселелери бойынша Өзбекстан-Монголия биргеликтеги комиссияның мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте автомобиль транспортында халықаралық тасыўларды раўажландырыў, бул процессте милий тасыўларға қолайлы шараятларды жаратыў мәселелери еки мәмлекет транспорт министрлигиниң жуўапкер ўәкиллери тәрепинен додаланды.

Сондай-ақ, тәреплер мәмлекетлеримиз арасында халықаралық автомобиль тасыўларының бүгинги жағдайы ҳәм оны және де раўажландырыў перспективалары бойынша пикир алысты, делинеди Транспорт министрлигиниң мағлыўматында.

Ушырасыўда халықаралық автомобиль тасыўлары тараўындағы бирге ислесиўди және де раўажландырыў ушын үлкен потенциал бар екенлиги айрықша атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен тәреплер 2025-жылға мөлшерленген руқсатнама банклерин 2 есеге көбейтиўге келисип алынды.

Буннан тысқары, жүк  тасыўлар процесин жеделлестириў мақсетинде мәмлекетлер арасында руқсатнама  бланкаларын электрон «E-Permit» алмасыў системасын енгизиў менен байланыслы мәселелер додаланды.

                                                                                                                         ӨзА