Өзбекстан ҳәм Италия арасындағы стратегиялық бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм оны және де раўажландырыў бағдарында алып барылып атырған жумыслар көлеми кеңейип бармақта.

«Раўажланыў стратегиясы» орайының атқарыўшы директоры Элдор Туляков Италия Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси мырза Пьергабриеле Пападия де Боттини менен ушырасты.

Сөйлесиў ўақтында тәреплер «Раўажланыў стратегиясы» орайы ҳәм Италия елшиханасы арасындағы нәтийжели бирге ислесиўди жоқары баҳалап, Италиядағы жетекши шөлкемлер менен орнатылған байланысларды және де беккемлеўге келисип алды.

Атап айтқанда, илимий ҳәм аналитикалық тараўларда турақлы пикир алмасыў, биргеликтеги басылымларды таярлаў, қәнигелердиң маманлығын арттырыў мақсетинде оқыў бағдарламалары ҳәм тренинглер шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, Италия экспертлерин тартыў, алдыңғы тәжирийбелерди үйрениў ҳәм дөгерек сәўбетлери, конференциялар ҳәм илимий-изертлеў жоқбарлары арқалы өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша пикир алысыўды даўам еттириўге таяр екенлигин билдирди.

Ушырасыў ашық ҳәм конструктивлик орталықта өтип, келешекте бирге ислесиў перспективаларын турақлы түрде додалаўға келисип алынды.

Абдулазиз РУСТАМОВ,

ӨзА