Изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестириледи

742

Өзбекстан Республикасы Президенти «Таллаў ҳәм изертлеў жумысын шөлкемлестириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында» қарар қабыл етти.

Оған муўапық, таллаў ҳәм изертлеў струткураларының жумысын шөлкемлестириў бойынша муўапықластырыўшы кеңес жанында айрықша юридикалық тәреп статусына ийе болмаған Изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестириледи.

Қордың қаржылары Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қорында өз алдына ашылған есап бетлерде топланады ҳәм Муўапықластырыўшы кеңес тәрепинен белгиленген тәртипте жумсалады.

Төмендегилер Қордың қаржыларын қәлиплестириў дереклери есапланады:

Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының 25 миллион АҚШ доллары муғдарындағы бир мәртлеик бийғәрез төлеми;

халықаралық, сырт елли ҳәм жергиликли шөлкемлердиң грантлары ҳәм қәўендерлик қаржылары;

Қордың ўақтынша бос турған қаржыларын коммерциялық банклердиң депозитлерине   жайластырыўдан түсетуғын дәраматлар;

нызамшылық  ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа дереклер.

Қор қаржылары төмендегилерге бағдарланады:

Муўапықластырыўшы кеңестиң жумыс бағдарлары бойынша изертлеўлерди әмелге асырыў;

Таллаў  материалларын таярлаў ҳәм изертлеўлерди өткериў ушын грантлар ажыратыў;

экспертлик, изертлеўге байланыслы ҳәм басқа хызметлерди көрсететуғын жергиликли ҳәм  сырт ел физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң хызмет ҳақысы ушын төлемлерди  әмелге асырыў;

таллаў ҳәм изертлеў бағдарында дүзилген ўақтыншалық  жойбар топарларының жумысын қаржыландырыў;

социаллық сораўлар ҳәм жәмийетшиликтиң пикирин үйрениў бойынша изертлеўлерди әмелге асырыў;

таллаўшылар ҳәм қәнигелерди оқытыў ҳәм олардың маманлығын арттырыў;

басылымлар, әдебиятлар, мағлыўматлар базалары ҳәм изертлеўлердиң нәтийжелерин таярлаў ҳәм сатып алыў ҳәм оларға жазылыў;

илимий-изертлеў  тараўындағы конференциялар ҳәм басқа илажларды  шөлкемлестириў ҳәм олардың жумысында қатнасыў қаржыларын;

Муўапықластырыў кеңесиниң жумысын қоллап-қуўатлаў бойынша  басқа қәрежетлерди қаплаў.

Қор  қаржылары мақсетли ҳәм нәтийжели жумсалыўы үстинен қадағалаў Муўапықластырыўшы кеңес тәрепинен әмелге асырылады.

ӨзА