Франция менен мәдений байланыслар беккемленбекте

367

Өзбекстан Республикасы мәденият министри Озодбек Назарбеков ҳәм Францияның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Орелия Бушез арасында бирге ислесиў ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда Францияның Off Avignon фестивалы жәрдемши басшысы Ҳаролд Давид де қатнасты.

Ушырасыў даўамында Өзбекстан ҳәм Франция арасындағы мәденият тараўындағы байланыслардың ҳәзирги жағдайы, оны раўажландырыў, атап айтқанда, 2025-жылы Францияда Өзбекстан мәденияты күнлерин өткериўге байланыслы шөлкемлестириў мәселелери, Өзбекстан ўәкиллериниң 2025-жылы Off Avignon фестивалында қатнасыўы додаланды.

Францияның бул фестивалы 1966-жылы белгили Авиньон фестивалы шеңберинде шөлкемлестирилген ғалабалық бағдарлама сыпатында келип шыққан ҳәм ҳәзирги күнде дүньядағы ең ири сахна көркем өнери фестивалларынан бири болып есапланады. Бул дөретиўшилик жойбарда жанлы атқарыў тийкарғы орынды ийелейди.

Ушырасыў даўамында тәреплер 2025-жылғы Авиньон халықаралық театрлар фестивалында биринши мәрте Өзбекстан жас тамашагөйлер театрының, 2026-жылы бул фестивальда Өзбекстан ҳүрметли мийман мәмлекет сыпатында қатнсыўына келисип алды.

Н.Усмонова,

ӨзА