Өзбекстан ҳәм Халықаралық қаржы корпорациясы инвестициялық бирге ислесиўди беккемлейди

289

Ташкентте Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – экономика ҳәм қаржы министри Жамшид Қўчқоров Халықаралық қаржы корпорациясы (ХҚК)ның  Түркия ҳәм Орайлық Азия бойынша директоры Вибке Шломер басшылығындағы делегация ўәкиллери менен ушырасты.

Ушырасыўда мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў, мәмлекетте ДХШ бағдарламалары тийкарында әмелге асырылып атырған жойбарлар, бирге ислесиў бағдарларын кеңейтиў ҳәм  жерлерден нәтийжели пайдаланыў мәселелери додаланды.

Сондай-ақ,  энергетика, жасыл раўажланыў, денсаўлықты сақлаў, аўыл хожалығы ҳәм жер ресурсларынан пайдаланыў тараўларында бирге ислесиўди күшейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Сөйлесиўлер даўамында ХҚК ўәкиллери мәмлекетлик- жеке меншик шерикликти  қоллап-қуўатлаўға таяр екенин билдирип, инвестиция орталығын жақсылаў бойынша алып барылып атырған жумысларға жоқары баҳа берди. Сондай-ақ, мәмлекет қатнасыўындағы банклерди трансформациялаў ҳәм меншиклестириў процесслери бойынша пикир алысылды.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара бирге ислесиўди және де раўажландырыў ҳәм жаңа жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимге еристи.

Н.Зиёдуллаева,

ӨзА