Өзбекстан ҳәм Монголия бирге ислесиўди кеңейтеди

Жақында Өзбекстан ҳәм Монголия биргеликтеги экономикалық комиссиясының биринши мәжилиси болып өтти.
Дәслеп еки мәмлекет Ҳүкиметлераралық комиссиясы басшылары тар шеңберде ушырасыў өткерди. Кейинги додалаўларда Таў-кән санааты ҳәм геология министрининиң орынбасары У.Юсупов қатнасты.
Мәжилис даўамында аўыл хожалығы, таў-кән санааты, геология, азық-аўқат, жеңил санаат, транспорт, ветеринария ҳәм шарўашылық тараўларындағы бирге ислесиў мәселелери додалаў орайында болды. Сондай-ақ, перспективалы жойбарлар таныстырылды.
Министрликтиң мәлимлеме хызметине бола, ушырасыў соңында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Жамшид Хўжаев ҳәм Монголия Бас министриниң орынбасары Сайнбуян Амарсайхан биргеликтеги комиссияның биринши мәжилисиниң протоклына қол қойды. Ҳүжжет саўда-экономикалық, илимий-техникалық ҳәм мәдений бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА